Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.03.2020 11:15
  • 754

Ташкент қаласынан 30 мыңға шамалас студентлер турақлы жасаў орынларына жөнеп кетти

Ташкент қаласынан 30 мыңға шамалас студентлер турақлы жасаў орынларына жөнеп кетти
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлерди турақлы жасаў орынларына қайтарыў жумыслары даўам етпекте.
Ташкент қаласынан 30 мыңға шамалас студентлер турақлы жасаў орынларына жөнеп кетти
Ҳәзирги ўақытқа шекем 30 мыңға шамалас студентлер орайластырылған тәртипте Ташкент қаласынан өзлери жасайтуғын аймақларға жиберилди.
Атап өтиў керек, алдын барлық жоқары оқыў орынлары, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде 2020-жыл 16-марттан баслап оқыў тоқтатылып, оқыўшы ҳәм студентлер 2 ҳәптелик мүддетке (ҳәзирше) дем алысқа шығарылыўы ҳаққында хабар берилген еди.
Ташкент қаласынан 30 мыңға шамалас студентлер турақлы жасаў орынларына жөнеп кетти
Ташкент қаласында оқып атырған оқыўшы ҳәм студентлер автобус, поезд ҳәм самолётларда турақлы жасаў орынларына қайтыўы ушын төмендеги мәнзиллерде жеңилликли билетлер сатылмақта:

- Өзбекстан миллий университети, министрлик жанындағы «Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық» орайы, Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң студентлер турақ жайы, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң студентлер турақ жайы ҳәм оқыў имараты, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының студентлер турақ жайы, Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлер турақ жайы.

Студентлерди қайтарыў жумыслары даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында