Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.03.2020 12:57
  • 1327

Коронавирус ҳаққында Өзбекстанда тарқалған фейк хабарлар

Коронавирус ҳаққында Өзбекстанда тарқалған фейк хабарлар
Социаллық тармақлар арқалы тарқалып атырған төмендеги хабарлар фейк, яғный өтирик хабарлар болып табылады:

ФЕЙК: «Қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде ертеңнен баслап мектеплерде рейдлер өткериледи. Мектепте қосымша сабақлар ямаса дөгереклерге қатнасып атырған оқыўшылар анықланса, мектеплер жәриймаға тартылады»

ФЕЙК: «Дүканларда, автобусларда ҳәм көшелерде балалар анықланса, ата-аналары жәриймаға тартылады»

ФЕЙК: «Бүгин 23:00 ден таңғы 05:00 ге шекем вертолётлар дезинфекциялаў ушын дәри себеди. Айна ҳәм балконлар жабық болыўы керек ҳәм 23:00 ден соң көшелерде жүриў мүмкин емес. Әскерий бөлимнен хабар берди»

ФЕЙК: «Коронавирус өкпеге өтиўинен алдын, тамақта 4 күнге шекем сақланып турады, сол ўақытта жөтел ҳәм тамақ аўырыўы басланады. Егер усындай ўақытта көп суў ишилсе, дуз ҳәм уксуслы суўда тамақ шайылса, вирус жоқ болып кетеди»

Сондай-ақ, социаллық тармақларда коронавирус кеселлиги ақыбетинде өлимшилик ҳалаты анықланғаны ҳаққында хабарлар тарқалмақта. Бул мағлыўматлар да тийкарсыз болып, ҳәзирги ўақытқа шекем бул кеселлик ақыбетинде өлимшилик ҳалаты дизимге алынбаған.

Соның менен бирге, социаллық тармақларда телефон қоңыраўлары ҳәм хабарлар жазылыўы, социаллық тармақларды мониторинг етиў ҳаққындағы хабарлар да ФЕЙК болып есапланады.

Усы орында соны мәлим етип билдиргимиз келеди, халық арасында ҳаўлықпалы хабарларды тарқатқаны ушын да жынайы жуўапкершилик белгиленген.

Анықлаў етип айтқанда, халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған материалларды таярлаў ямаса тарқатыў мақсетинде сақлаў 44 миллион 600 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки 1 жылдан 3 жылға шекемги мүддетке азатлықты шеклеў яки болмаса 3 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

Халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған мағлыўматлар ҳәм материалларды ҳәр қандай формада тарқатыў 66 миллион 900 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке азатлықты шеклеў ямаса 3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл