Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.03.2020 17:02
  • 1156

Жоқары билимлендириў мәкемесине мәмлекетлик буйыртпа тийкарында оқыўға қабыл етиў тәртиби белгиленеди

Жоқары билимлендириў мәкемесине мәмлекетлик буйыртпа тийкарында оқыўға қабыл етиў тәртиби белгиленеди
Президентимиздиң «2020/2021-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасының параметрлери ҳаққында»ғы пәрманының жойбары жәрияланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.

Жойбарға тийкарланып Республиканың экономикалық тармақлары менен тараўларында зәрүрлик жоқары болған қәнигеликлер бойынша жоқары тәжирийбели қәнигелерди сапалы таярлаўды тәмийинлеў, бакалавр ҳәм магистрларды таярлаўда жумыс бериўшилердиң ҳәзирги ҳәм перспективадағы зәрүрликлерин инабатқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги тәрепинен 2020/2021 оқыў жылында Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик буйыртпа тийкарында оқыўға қабыл етиўдиң улыўмалық параметрлери тастыйықланады.

Сондай-ақ, мәмлекетлик буйыртпаның күтилип атырған квотасы да белгилеп алынады.

Атап айтқанда, бакалаврларды таярлаў бойынша:

күндизги билимлендириў түрине – 101 555;
сыртқы билимлендириў түрине – 25 863;
кешки билимлендириў түрине – 4 368;
магистрлерди таярлаў бойынша – 10 643 етип тастыйықланады.

Ҳүжжетте белгилениўинше:

жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында ажыратылатуғын қабыллаў параметрлери басқышпа-басқыш 2022-2023-оқыў жылына шекем (2020-2022-қаржы жыллары ўақтында) 2019-2020-оқыў жылына салыстырғанда еки есеге арттырылады;
2020/2021 оқыў жылынан баслап Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен берилетуғын усынысқа ийе болған қызлар ушын күндизги билимлендириў түри бойынша тастыйықланған мәмлекетлик грантларға салыстырғанда 4 процент муғдарда өз алдына грант орынлары ажыратылады;
2020/2021 оқыў жылында «130000 – Математика», «140 000 – Табийғый пәнлер» билимлендириў тараўлары бойынша магистратура қәнигелери ушын мәмлекетлик буйыртпа параметрлери толық мәмлекетлик грант тийкарында әмелге асырылады;
кадрлар буйыртпашыларының зәрүрлигин анықлаў процесине санлы шешимлерди қолланыў мақсетинде, 2021/2022 оқыў жылынан баслап кадрлар буйыртпашыларының зәрүрликлери толық автоматластырылған тәризде Мәлимлеме системасы –  new.mineconomy.uz/quota порталы арқалы қәлиплестириледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...