Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.03.2020 13:06
  • 965

Жоқары оқыў орынларына өткерилетуғын имтиханларда информатика пәнинен де 30 тест сораўы бериледи

Жоқары оқыў орынларына өткерилетуғын имтиханларда информатика пәнинен де 30 тест сораўы бериледи
Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлерге усыныс етилген сабақлықлардың дизими жәрияланды. Мәмлекетлик тест орайы өз каналында жаңа оқыў жылынан информатика пәни өз алдына блок сыпатында улыўма билим бериў пәнлери қатарына қосылғанын мәлим етти.
Яғный, енди информатикаға байланысы болған тәлим бағдарларында информатикадан блок қосылады.

Мәселен, 5110700 – Информатиканы оқытыў методикасы бағдарына ҳүжжет тапсырған абитуриент төмендеги пәнлерден имтихан тапсырыўы күтилмекте:

Мәжбүрий пәнлер блогы (барлық бағдарлар ушын нәзерде тутылған):
- Ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили) – 15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан;
- Математика – 15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан;
- Өзбекстан тарийхы – 15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан.

Билимлендириў бағдарына сәйкес тийкарғы блоктағы пәнлер:
- Информатика – 30 сораў, ҳәр бири ушын 3,1 баллдан;
- Математика – 30 сораў, ҳәр бири ушын 3,1 баллдан.

Мағлыўмат ушын, алдын информатика пәнинен сораўлар математика пәни қурамында берилетуғын еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет