Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.03.2020 12:19
  • 972

Иммунитетти күшейтиў ушын қандай өнимлерден пайдаланыў керек? Қәнигениң усыныслары

Иммунитетти күшейтиў ушын қандай өнимлерден пайдаланыў керек? Қәнигениң усыныслары
Медицина илимлериниң докторы, профессор Хайрулла Мустафоев «Өзбекстан 24» телеканалына берген интервьюсында адам иммун системасын күшейтиў ушын пайдаланылатуғын өнимлер бойынша өз усынысларын берди.
«Жоқары калориялы тағамлардан пайдаланыў керек, бунда жас категориясына да қараў керек. Жасы үлкенлер майсыз мал гөшин пайдаланыўы керек. Адам қыстан ҳәлсизленип шығады. Сол себепли, витаминге бай ҳәр қыйлы салатларды жеў керек.
Әлбетте, бул тек ғана гөш жеў керек дегени емес. Ҳәр күни мәйек, дәнли өнимлерди жеп турыў керек. Ҳәптелик меню дүзип, оның ҳәр қыйлы болыўына итибар қаратыўды усыныс етемен», - деди профессор.
Соның менен бирге, профессор ҳәр қыйлы өнимлерди пайдаланыў ҳаққында Интернетте жәрияланып атырған усыныслардың ҳәммесине де әмел ете бермеўди сорады.
Профессордың атап өтиўинше, айырым мәсләҳәтлер өтирик мәсләҳәтлер болса, айырымлар өз шараяты, климатынан келип шығып мәсләҳәтлер береди.
«Олар лабораторияларда отырып илимий жумыс пенен шуғылланатуғын илимпазлар. Олар бизлердиң климатымыз, үрп-әдетлеримиз, турмыс тәризимизди билместен мәсләҳәт береди. Адамлар болса оларға исенип, сол усынысларға әмел етеди», - деди профессор.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған