Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.03.2020 18:22
  • 1303

Нөкисте 2500 дана медициналық нықаплар халыққа бийпул тарқатылды

Нөкисте 2500 дана медициналық нықаплар халыққа бийпул тарқатылды
Бүгин, 20-март күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикалық басқармасының басламасы менен Нөкис қаласындағы орайлық дийқан базарында медициналық нықаплар халыққа бийпул тарқатылды.
Нөкис дийқан базарының азық-аўқатлық өнимлер сатылатуғын ҳәм халық көп жыйналатуғын орнында 500 дана медициналық нықап бийпул тарқатылған болса, департаменттиң Қарақалпақстан Республикалық басқармасының басламасы ҳәм «Әжинияз Қарақалпақ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қоллап-қуўатлаўы менен орайлық дийқан базарында жайласқан «Әжинияз Қарақалпақ» дәриханасында 2000 дана медициналық нықаплар бийпул тарқатылды.
- Ҳәзир елимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде профилактикалық жумыслар алып барылмақта. Биз де департаменттиң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы менен биргеликте усындай ийгиликли жумысларға үлес қосыўды мақсет еткенбиз. Усы тийкарда дәриханамыз арқалы улыўма 5000 дана медициналық нықапларды халқымызға бийпул тарқатыўды жобаластырып отырмыз, - дейди «Әжинияз Қарақалпақ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Мирсаид Султанов.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен Нөкис қаласындағы оннан аслам дәриханаларға арзан баҳадағы медициналық нықаплар жеткерип бериў мақсетинде Төрткүл районындағы «Тўрткўл омад» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тигиўшилик цехы менен шәртнама дүзилди.
Нөкисте 2500 дана медициналық нықаплар халыққа бийпул тарқатылды
Нөкисте 2500 дана медициналық нықаплар халыққа бийпул тарқатылды
Нөкисте 2500 дана медициналық нықаплар халыққа бийпул тарқатылды
Нөкисте 2500 дана медициналық нықаплар халыққа бийпул тарқатылды

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал