
Министрлер Кабинетиниң «Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында 4, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 3 еўден 14 күнлик карантин илажлары ушын ийкемлестирилген базалар шөлкемлестириледи.
Карантинде сақланып атырған адамларды бир-биринен ажыратқан ҳалда олар арасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының максимал түрде алдын алыў имканиятын беретуғын арнаўлы карантин объектлери қурылады.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz