Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.03.2020 15:10
  • 1380

Қарақалпақстан транспорт министрлиги айрым жөнелислердеги транспортлардың қатнаўы тоқтатылғанын мәлим етти

Қарақалпақстан транспорт министрлиги айрым жөнелислердеги транспортлардың қатнаўы тоқтатылғанын мәлим етти
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен ҳаўа транспорты тараўында Нөкис халықаралық аэропорты арқалы әмелге асырылып келинген «Нөкис – Москва», «Нөкис – Ташкент» (Өзбекстан ҳаўа жоллары) ҳәм «Нөкис – Москва» (Уральские авиалинии) жөнелисиндеги авиақатнаўлар, сондай-ақ, барлық чартер рейслер бийкар етилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бермекте.
– Темир жол транспорты тараўында Қарақалпақстан Республикасы аймағынан ҳәрекетленетуғын «Мискин – Бейнеў – Мискин» ҳәм «Ташкент – Қоңырат – Ташкент» жөнелисиндеги темир жол жолаўшы поездларының қатнаўы да тоқтатылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри А.Бердиев. – Сондай-ақ, барлық халықаралық автобус қатнаўлары бийкар етилди.
Атап айтқанда, «Мироншоҳ Гранд Транс» ЖШЖ басқарыўындағы «Нөкис – Алма-ата» халықаралық жөнелисиндеги жәми 6 автобустың қатнаўы шекленди.
Сондай-ақ, республикамыз ишиндеги ўәлаятлараралық (қалалараралық), «Нөкис АВ – Ташкент АВ – Нөкис АВ», «Беруний АВ – АВ Үргениш», «Маңғыт АС – Гүрлен АС» жөнелисинде қатнайтуғын автобуслардың усы жөнелислерде қатнаўы ўақытша шекленди.
Нөкис автовокзалы жанындағы нызамсыз питакларда «Нөкис – Ташкент» жөнелисинде нызамсыз түрде адам тасып жүрген транспорт басқарыўшыларына түсиник жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, министрликтиң инспекторлары «Бес төбе» блок постында күни-түни ўәлаятлараралық (қалалараралық) жөнелислерге кетип баратырған транспорт басқарыўшыларына коронавирус инфекциясының алдын алыў бойынша түсиник жумысларын әмелге асырмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў