Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.03.2020 14:10
  • 1202

Контракт пулларын 20-мартқа шекем төлей алмаған студентлер «отчисление» бола ма? Карантин ўақтында стипендия төлене ме?

Контракт пулларын 20-мартқа шекем төлей алмаған студентлер «отчисление» бола ма? Карантин ўақтында стипендия төлене ме?
Социаллық тармақларда студентлерге дем алыс берилиўи менен контракт пулын төлемеген студентлер оқыўдан шетлетилип атырғаны және студентлерге стипендия берилмей атырғаны ҳаққында тийкарсыз хабарлар тарқатылмақта. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги усы мазмундағы хабарларға рәсмий билдириў жәриялады.

Онда жазылыўынша, карантин себепли берилген дем алыс себепли төлемли контракт шәртлерин орынлаўға үлгермеген студентлерге (соның ишинде, 1-курстың 2-ярымы ушын төлемлерге) ректорлар тәрепинен қосымша мүддет бериледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-июльдағы ПҚ-4391-санлы қарарында атап өтилген.

Социаллық тармақларда додаланып атырған «соңғы мүддет – 20-март» деген түсиник студентлерге емес, ал 2019-2020-оқыў жылында бакалавриат ҳәм магистратураның 1-курсына төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген және дифференциалластырылған төлемли контракт тийкарында оқыў нийетин билдирген абитуриентлерге байланыслы болып есапланады. Анықлаў етип айтқанда, жоқары оқыў орынларында оқыўларға қатнасқан, бирақ төлемли контракт пулын 1-семестр ушын төлемегенлер де абитуриент деп есапланады.

Хабарда жазылыўынша, бул мүддет Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2020-жыл 28-февральдағы 13-санлы протоколы тийкарында белгиленген болып, ҳәзирги ўақытқа шекем министрликке 20-мартқа шекем төлей алмағаны ҳәм мүддетти узайтыў ҳаққында мүрәжат келип түспеген.

Министрликтиң мәлим етиўинше, карантин ўақтында студентлерге белгиленген тәртипте стипендия төлеп бериледи. Тек ғана төлеў түринде өзгерис болып, нақ пул сыпатында алып атырғанларға стипендия пулы студенттиң пластик картасына түсирип бериледи.

Республикадағы барлық жоқары оқыў орынларының студентлерине усы жылдың март айы ушын стипендиялар төлеп берилген. Соның менен бирге, төлемли контракт пулын төлемегенлиги, академиялық қарыздарлығы, тийисли буйрық рәсмийлестирилмегенлиги ямаса банк пластик картасы берилмегенлиги ушын стипендия төлеўде кешигиўлерге жол қойылғанлығы анықланды.

Айырым жағдайларда студентлер тәрепинен төлемли контракт шәртлериниң кеш орынланғаны стипендия тайынлаў ҳәм банк пластик карталарын ашыўдың кешигиўине тийкарғы себеп болған.

Ҳәзирги ўақытта министрлик тәрепинен республикалық көлемде стипендия төленбеген студентлер ҳаққында мағлыўматлар улыўмаластырылмақта. Олар:

- нақ пул көринисинде төленбей қалған стипендиялар студенттиң турақлы жасаў орнына почта арқалы жибериледи ямаса районлардағы банк филиаллары арқалы дизим тийкарында тарқатылады;
- банк пластик карталары арқалы төленеди, пластик карталар ашылмаған студентлерге жаңа карталар ашылып, банк уйымларының аймақлық бөлими арқалы жеткерип бериледи.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жоқары оқыў орынларында карантин дәўиринде төлемли контракт шәртлерин орынлаўға үлгермегенлер студентлер қатарынан шығарылмайтуғынлығын рәсмий түрде билдирип өткен.

Сондай-ақ, барлық студентлерге билимлендириў түри ҳәм өзлери сайлаған төлеў түринен келип шығып, белгиленген тәртипте стипендиялар толық төлеп барылатуғынлығы атап өтилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы