Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.03.2020 17:18
  • 1214

Жоқары оқыў орынларына қызларды қосымша грант тийкарында қабыллаў тәртиби мәлим болды

Жоқары оқыў орынларына қызларды қосымша грант тийкарында қабыллаў тәртиби мәлим болды
Жоқары оқыў орынларына ҳаял-қызларды қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде таңлаўда қатнасыў ушын усыныснамалар бериў ҳәм оқыўға қабыллаўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында ӨзР Министрлер Кабинетиниң тийисли қарар жойбарында атап өтилген.

Ҳүжжет тийкарында Республикалық жоқары оқыў орынларына ажыратылған қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде жоқары мағлыўмат алыў нийетинде болған қәбилетли ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын усыныснамалар төмендеги критериялар тийкарында бериледи:

- кем тәмийинленген, турақлы дәраматқа ийе болмаған ҳәм төлемли контрактти төлей алмайтуғын шаңарақлар;
- толық болмаған шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный әкеси ямаса анасы қайтыс болған ҳаял-қызлар;
- 14 жасқа толмаған еки ҳәм оннан аслам перзентлерин тәрбиялап атырған, басқа ағайин-туўысқанларынан бөлек жасап атырған жесир ҳаяллардың (ер адамлардың) қызлары;
- әкеси ямаса анасы майып болған ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар;
- аўыр турақ жай шараятларында жасап атырған ҳәм турақлы жасаў жайына ийе болмаған шаңарақлар;
- ата-аналарының бири ямаса ҳәр екеўи де жумыссыз болған кем тәмийинленген ҳәм жумыс излеп атырған адам сыпатында халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларында есапта туратуғынлар;
- майыплығы болған перзенти бар шаңарақлар;
- жоқары мағлыўматлы ҳаял-қызлар менен қамтып алыў дәрежеси республиканың орташа көрсеткишлеринен бир неше есе төмен болған районлар, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын аймақларда жасайтуғын шаңарақлардың перзентлери ушын оларды өз аймағында белгили бир мүддет ислеў шәрти менен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...