Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.03.2020 17:47
  • 2017

Қазақстан пуқарасы Төрткүлге тойға барып коронавирус жуқтырғаны ҳаққында хабар жәрияланды. Бул қаншелли ҳақыйқат?

Қазақстан пуқарасы Төрткүлге тойға барып коронавирус жуқтырғаны ҳаққында хабар жәрияланды. Бул қаншелли ҳақыйқат?
«Podrobno.uz» сайтының хабаршысы Қазақстан Республикасының пуқарасы Өзбекстанға тойға барып, коронавирус жуқтырып келгени ҳаққында хабар берди.
Алматы областы ҳәкиминиң баспасөз хызметине тийкарланып жәрияланған хабарда жазылыўынша, коронавирус инфекциясы менен байланыслы жағдай Еңбекшиқазақ районында анықланған. Мәлим болыўынша, 1960-жылы туўылған ҳаял өз ағайинлери менен 26-март күни Өзбекстанның Төрткүл районынан тойдан Қазақстанның Есик қаласына қайтқан. Олардың ҳәммеси ўақытша емлеўханада изоляцияға алынған ҳәм олардың ҳәр биринен анализ алынған. 27-март күни жоқарыда атап өтилген ҳаялда коронавирус инфекциясы анықланған.

Биз бул материалда сөз етилген жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети менен байланыстық.

Министрликтиң берген мағлыўматына қарағанда, 30-март күни саат 10:00 деги жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған бирде-бир наўқас анықланбады.

Қарақалпақстан бойынша стационар шараятта улыўма карантинге алынған пуқаралар саны 557 болып, соннан:

306 адам Нөкис қаласындағы санаторияда, 91 адам Тақыятас районындағы санаторияда, 105 адам Нөкис районындағы реабилитациялық орайда, 41 адам Нөкис юридикалық колледжи имаратында, 8 адам Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында, 2 пуқара Қоңырат ҳәм 2 пуқара Хожели районлық медициналық бирлеспесинде, сондай-ақ, Әмиўдәрья ҳәм Төрткүл районлық медициналық бирлеспесинде биреўден пуқаралар карантинге алынған.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызметиниң айрықша атап өтиўинше, коронавирус пенен наўқасланыў жағдайлары ҳеш қашан халықтан сыр тутылмайды. Анықланған ўақытта дәрриў ғалаба хабар қураллары арқалы мәлим етиледи. Мақсет – халқымыз арасында бул вирус инфекциясының тарқалыўының алдын алыў ҳәм халықтың денсаўлығын қорғаўдан ибарат.

Соның менен бирге, министрлик халқымыздан социаллық тармақларда тарқалып атырған ҳәр қыйлы тийкарсыз хабарларға исенип қалмай, ҳаўлықпаға берилместен, илажы болғанынша үйден шықпаўды, көшеге ямаса жәмийетлик орынларға шыққанда қорғаныў нықапларын тағып шығыўды, ең баслысы, усыныс етилип атырған санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң түрде әмел етиўди сорамақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл