Усы жылдың 30-март күни tengrinews.kz, podrobno.uz, kun.uz сыяқлы Қазақстан ҳәм Өзбекстан электрон ғалаба хабар қуралларында коронавирус инфекциясын жуқтырған қазақстанлы ҳаял Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районында жасаўшы ағайининиң тойында болғаны, ҳаял менен бирге және 13 адам Өзбекстанда болып қайтқаны ҳәм олардың ҳәммеси карантинге алынғаны ҳаққында хабар тарқалды.
Хабарда айтылыўынша, Еңбекшиқазақ районында 1960-жылда туўылған Г. атлы ҳаял өз ағайинлери менен 26-март күни қайтқан ҳәм олар шет елге шығып келген пуқара сыпатында карантинге алынып, COVID-19 инфекциясына анализлер алынған. Тексериўден соң, ҳаялда лабораториялық анализ нәтийжелери бойынша коронавирус барлығына гүман етилип, Есик қаласындағы емлеўханаға жатқарылған.
Бул бойынша Қазақстан Республикасының тийисли мәкемелери тәрепинен Өзбекстанға рәсмий мағлыўмат келип түспеди.
Бирақ мәмлекетимиздеги эпидемиологиялық жағдай себепли, ғалаба хабар қуралларында тарқалған мағлыўматларға тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен топар шөлкемлестирилип, тереңлестирилген түрде профилактикалық илажлар (эпидемиологиялық үйрениў) өткерилмекте.
Илажлар даўамында төмендегилер анықланды:
Ҳақыйқатында да, 2020-жыл 14-март күни Қазақстан Республикасында турақлы жасаўшы 20 пуқара (солардан 3 ержетпеген) микроавтобусда Қарақалпақстан Республикасына мийманға келип, солардан Есик қаласынан болған 16 пуқара (2 ержетпеген) Төрткүл районы «Тазабағжап» АПЖда жасайтуғын пуқараның үйинде мийман болып қалған.
Тараз қаласынан болған 4 пуқара (1 ержетпеген) Елликқала районы «Елликқала» АПЖда жасаўшы пуқараның үйине мийманға кеткен.
Қазақстанлы пуқаралардың республикамызға келиўден мақсети той мәресимлерине қатнасыў болған.
14-25-март күнлери аралығында Төрткүл районында болған пуқаралар 3 шаңарақта мийманда болып, 2020-жыл 18-март күни неке тойда қатнасқан. Елликқала районында болған пуқаралар 2 шаңарақта мийманда болған.
Қазақстан Республикасынан мийманға келген 20 пуқара 2020-жыл 25-март күни Төрткүл районынан Ташкент ўәлаяты «Ғишткўприк» шегара посты арқалы Қазақстан Республикасына шығып кеткен. Жолда кетип баратырып ҳеш жерде тоқтап, басқалар менен қарым-қатнаста болмаған, өзлериниң жанында болған азық-аўқатлық өнимлери менен аўқатланған.
Қазақстан пуқараларының ҳәммеси 26-март күни өз мәнзиллерине жетип барған ҳәм олар тийисли тәртипте карантинге алынған. Олардың ишинен 60 жаслы ҳаялда лабораториялық тексериўлер нәтийжеси бойынша коронавирус кеселлигине гүман етилип, жуқпалы кеселликлер емлеўханасына жайластырылған.
Кеселлик пенен гүман етилген пуқараның жақынларының берген мағлыўматы бойынша, ҳаялдың лабораториялық тексериўлер нәтийжеси коронавирусты көрсеткен болса да, ҳаялда ҳәм оның менен қарым-қатнаста болған пуқараларда кеселлик белгилери жоқ екенлиги, олардың аўҳалы жақсы екенлиги мәлим болды.
Ҳәзирги күнде Төрткүл ҳәм Еллиққала районларында қазақстанлы пуқаралар менен қарым-қатнаста болған адамлар анықланып, медициналық көриктен өткерилди, тийисли лабораториялық анализлер алынды. Олардың дене температурасы қадағалаўға алынып, 14 күнлик үй шараятында карантинге алынды. Усы күнге шекем бул пуқаралардың ҳешбиринде коронавирус кеселлигиниң белгилери анықланбады.
Бул жағдай бойынша тексериў жумыслары даўам етпекте. Олардың нәтийжеси бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.
Соны айрықша атап өтиў тийис, Төрткүл ҳәм Еллиққала районларында профилактикалық илажлардың өткерилип атырғанлығы адамлар арасында бул районларда коронавирус инфекциясы анықланған деген надурыс мағлыўматлардың ҳәр түрли мыш-мышлардың тарқалыўына себеп болмақта. Бирақ бул профилактикалық илажлар инфекция тарқалыўының алдын алыў ушын өткерилип атырғанлығын мәлим етемиз.
2020-жыл 31-март саат 22:30 жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған бирде-бир наўқас анықланбады.
Бул мағлыўмат рәсмий, объектив ҳәм ең исенимли мағлыўмат болып табылады. Және бир мәрте айтып өтиўимиз тийис, Қазақстан Республикасының тийисли мәкемелери тәрепинен Өзбекстанға рәсмий мағлыўмат келип түспегени ушын электрон ғалаба хабар қуралларында тарқалған хабар рәсмий емес статусқа ийе болып, пуқараларымыздың қәўетерлениўине ҳешқандай тийкар жоқ.
Бүгинги күнде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм оны қысқа ўақыт ишинде сапластырыў, халықтың эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин сақлаў, пуқаралардың карантин ҳәм шеклеў қағыйдаларына әмел етиўин қадағалаў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў, Ишки ислер министрликлери, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар басқармасы, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги халқымыздан социаллық тармақларда тарқалып атырған ҳәрқыйлы тийкарсыз хабарларға исенип қалмай, тек ғана рәсмий дереклердиң мағлыўматларынан хабардар болыўыңызды, ҳаўлықпаға берилместен, илажы болғанынша үйден шықпаўды, көшеге ямаса жәмийетлик орынларға шыққанда қорғаныў нықапларын тағып шығыўды, ең баслысы, усыныс етилип атырған санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң түрде әмел етиўди сорайды.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызметиСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz