Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.04.2020 18:04
  • 1562

Мәмлекетлик тест орайынан абитуриентлер ушын әжайып жаңалық!

Мәмлекетлик тест орайынан абитуриентлер ушын әжайып жаңалық!
Елимизде даўам етип атырған бүгинги карантин шараятында абитуриентлердиң өз үйлеринен шықпастан, билим ҳәм көнликпелерин еле де беккемлеп барыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайы ийгиликли басламаны әмелге асырды. Тест тапсырмаларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде дүзилген «e-Sinov» системасынан бийпул пайдаланыў бағдарламасы иске түсирилди. Бул ҳаққында бизге Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Музаффар Абдуллаев мәлим етти.
- Буннан былай, жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға кириў ушын таярланып атырған абитуриентлер ҳәм қәлеўшилер «e-Sinov» системасынан ҳеш қандай төлемлерсиз пайдаланыўы, сондай-ақ, баспадан шығарылған «Тест тапсырмалары топламы 2019» (https://dtm.uz/page/toplam2019) тест тапсырмалары базасынан ҳәм бир пән бойынша дүзилген тест тапсырмаларын шешиў арқалы өз билимлерин турақлы түрде беккемлеп барыўы мүмкин, - дейди М.Абдуллаев.
Бул хызмет пайдаланыўшыларға қолайлы болыўы ушын Телеграм мессенджеринде иске түсирилген болып, @dtmxizmatbot Телеграм-боты арқалы пайдаланыў жолға қойылған.
Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими барлық пуқараларымызға беккем денсаўлық ҳәм табыслар тилей отырып, олардан үйлеринде қалыўын ҳәм бул хызметлерден пайдаланыўын сорайды.
Хызметтен пайдаланыў көрсетпеси – https://dtm.uz/page/dtmxizmatbot.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў