Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.04.2020 14:43
  • 2025

Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясына шалынған еки наўқас анықланды. Олардың аўҳалы қандай?

Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясына шалынған еки наўқас анықланды. Олардың аўҳалы қандай?
Усы жылдың 6-апрель күни саат 09:00 жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған еки наўқас анықланды, деп хабар берди ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети.
Хабарда жазылыўынша, Нөкис қаласында жасайтуғын бир ер адам ҳәм оның анасы «COVID-19» инфекциясына гүман етилип, Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасына жатқарылған.
Мәлим болыўынша, сол ер адам жумыс бабында 14-март күни Ташкент қаласында болған. Олардан тийисли анализлер алынып, Республикалық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының вирусологиялық лабораториясына ҳәм Ташкенттеги Вирусология илимий тексериў институтына жиберилген. 2020-жыл 5-апрель сәнесинде түнде анализ нәтийжелери усы еки пуқарада коронавирус инфекциясы бар екенлигин тастыйықлаған.
Усы еки пуқара вирусқа гүман етилиўи менен дәрриў олар менен байланыста болған адамлар эпидемиологиялық тексериўге алынып, олар да карантинге алынған.
Ҳәзирги ўақытта усы еки пуқара Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Олардың аўҳалы орташа дәрежеде екенлиги мәлим етилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында