Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.04.2020 15:15
  • 1952

Коронавирусқа шалынған наўқаслар ҳаққында қосымша мағлыўматлар берилди

Коронавирусқа шалынған наўқаслар ҳаққында қосымша мағлыўматлар берилди
ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда коронавирус инфекциясы анықланған адамлар саны 390 ды қурамақта. Наўқаслардың 188 и ер адам, 202 си болса ҳаял-қызлардан ибарат.

Жас категориясына қарайтуғын болсақ:

0-9 жасқа шекемгилер – 10 адам (2,6%);
10-19 жасқа шекемгилер – 15 адам (3,8%);
20-29 жасқа шекемгилер – 59 адам (15,1%);
30-39 жасқа шекемгилер – 111 адам (28,5%);
40-49 жасқа шекемгилер – 123 адам (31,5%);
50-59 жасқа шекемгилер – 48 адам (12,3%);
60-69 жасқа шекемгилер – 17 адам (4,4%);
70-79 жасқа шекемгилер – 6 адам (1,5%);
80 жастан жоқары болғанлар – 1 адам (0,3%) ды қурамақта.

Хабарда жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласында коронавирус инфекциясына шалынған 170 наўқас емленбекте. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында 2, Әндижан ўәлаятында 61, Бухара ўәлаятында 19, Наманган ўәлаятында 48, Ферғана ўәлаятында 64, Хорезм ўәлаятында 18, Қашқадәрья ўәлаятында 6 және Наўайы ўәлаятында 2 наўқас аймақлардағы жуқпалы кеселликлерге қәнигелескен емлеўханаларда емленбекте. Наўқасларға медицина хызметкерлери тәрепинен халықаралық стандартлар тийкарында емлеў жумыслары алып барылмақта.

Мәлим болыўынша, наўқаслардан 31 адамда пневмония бақланбақта. 9 наўқастың аўҳалы аўыр, олардан 2 наўқастың аўҳалы болса оғада аўыр деп баҳаланбақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында