Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.04.2020 14:21
  • 2081

Қарақалпақстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги коронавирусқа шалынған наўқаслар ҳаққында толық мағлыўмат берди

Қарақалпақстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги коронавирусқа шалынған наўқаслар ҳаққында толық мағлыўмат берди
2020-жыл 7-апрель күнги жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслар саны – 11. Бул ҳаққында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

6-апрель күни Нөкис қаласында жасайтуғын бир ер адам ҳәм оның анасында «COVID-19» инфекциясы анықланғаны ҳәм олар менен тығыз қатнаста болған адамлар карантинге алынып, олардан да анализлер алынғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Анализлер нәтийжелерине муўапық, тилекке қарсы, және төмендегилерде коронавирус кеселлиги анықланған:

– ер адамның ҳаялы ҳәм олардың еки қызында;
– ер адам менен оның анасына медициналық жәрдем көрсеткен мийирбийке ҳәм оның қызында;
– ер адам менен бирге жумыс ислеўши ер адамда;
– Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет сапары менен Ташкент қаласынан келген 3 ер адамда.

Ҳәзирги ўақытта кеселленгенлер Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Олардың жағдайы орташа дәрежеде.

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында