Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.04.2020 16:51
  • 1263

Қарақалпақстанда мийнет мигрантлары ушын ажыратылатуғын турақ жайларға неше талабан дизимнен өткен?

Қарақалпақстанда мийнет мигрантлары ушын ажыратылатуғын турақ жайларға неше талабан дизимнен өткен?
Президентимиздиң 2019-жыл 20-августтағы «Сырт елде ўақытша мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында быйылғы 2020-жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет мигрантларына көп квартиралы турақ айлардан улыўма 210 турақ жай ажыратыў белгиленген еди.
ӨзАның хабар бериўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәжлиги болған мийнет мигрантларына көп квартиралы жайлардан үйлер ажыратыў илажлары ҳаққында»ғы қарарға муўапық, турақ жайға мүтәжлиги болған мийнет мигрантлары жай алыў ушын «Labormigration.uz» бағдарламалық комплексинен дизимнен өтпекте.
«Labormigration.uz» бағдарламалық комплексинен дизимнен өткен пуқараларға Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги тәрепинен тастыйықлаўшы ҳүжжет бериледи. Мийнет мигрантлары усы усыныснама тийкарында ўәлаятлық, қалалық комиссияларға арза тапсырады.
Усы жылдың 6-апрель жағдайы бойынша «Labormigration.uz» бағдарламалық комплексинен Қарақалпақстан Республикасы бойынша 15 адам дизимнен өткен.

Мағлыўмат ушын, турақ жай ажыратыў төмендеги басқышларда әмелге асырылады:

- арза бериўши талабан сыпатында жазба усынысты алыў ушын талабанларды сайлаў бойынша комиссия баслығына турақлы жасаў орны бойынша ҳүжжетлерди ҳәм сораўнама-арзаны усынады;
- комиссия ҳүжжетлерди 15 жумыс күни ишинде көрип шығады;
- комиссия арзаны көрип шығыўда турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәжлиги болған мийнет мигрантларын бир қатар социаллық критериялар тийкарында (талабанның атында турақ жай жоқлығы, ижарада жасайтуғынлығы, басқа шаңарақ пенен бир үйде жасайтуғынлығы, көп балалы ҳәм т.б.) анықлайды;
- арзаны көрип шығыў ҳәм турақ жай шараятын үйрениў нәтийжесинде комиссия жазба усыныс бериў ямаса жазба усыныс бериўди бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етеди;
- жазба усыныс берилген талабанлар дәслепки шәртнамаларды дүзиў ушын инжиниринг компаниясы филиалына мүрәжат етеди.

2020-жылғы бағдарламалар шеңберинде турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәжлиги болған мийнет мигрантлары ушын ипотека кредитлерин ажыратыў бойынша:

- жеңилликли дәўир – 1 жыл;
- кредиттен пайдаланыўдың дәслепки 5 жылы даўамында ҳәр жылы процентлик ставкасы қатаң белгиленген 7 проценттен қайта қаржыландырыў ставкасы дәрежесине шекем бир нормада артып баратуғын ставкада ҳәм кейинги дәўирде қайта қаржыландырыў ставкасында белгиленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған