Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2020 17:01
  • 1094

Қарақалпақстандағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайында қандай илажлар әмелге асырылмақта?

Қарақалпақстандағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайында қандай илажлар әмелге асырылмақта?
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанындағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайында усы жылдың 11-апрель күни әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Хабарда жазылыўынша, халықтың мүрәжатлары менен системалы түрде ислесиў ҳәм мәнзилли жәрдем көрсетиў мақсетинде ашылған «Call-centre»диң 1197 қысқа номери саат 09:00 ден 17:00 ге шекем турақлы түрде ислемекте.
Усы күнге шекем орайларға болған мүрәжатларға муўапық, 289 шаңарақ, сондай-ақ, мәкан пуқаралар жыйынларының усынысларына муўапық 1 185 шаңарақтың дизими қәлиплестирилген.
Дизим бойынша жүк тасыў ушын арналған автокөликлер арқалы улыўмалық көлеми 473 миллион сумлық бирлемши азық-аўқатлық өнимлер улыўма 1 474 шаңараққа жеткерип берилди.
Қарақалпақстандағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайында қандай илажлар әмелге асырылмақта?
Жәрдемге мүтәж жерлеслеримизге өз ўақтында жәрдем бериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасындағы орайға бириктирилген жуўапкер хызметкерлер менен байланысыў мүмкин болған телефон номерлери:

☎️ 91-395-91-91
☎️ 61-222-00-94
☎️ 61-222-02-44
☎️ 61-222-05-24
☎️ 61-222-13-08
Қарақалпақстандағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайында қандай илажлар әмелге асырылмақта?
Топланған өнимлер есабынан ҳәр бир шаңараққа биринши гезекте зәрүр болған өнимлер – 2 литр өсимлик майы, 2 кг гүриш, 1 кг қумшекер, 2 кг ун, 1 дана таўық гөши, 3 кг картошка, 2 кг пияз, 2 кг макарон, 1 дана қадақланған чай тарқатылмақта (егер қәўендерлерден қосымша қайырқомлық затлары берилсе, себетлер толтырылады).

Ислам Матеков.

Фотолар авторы: Мақсет Ҳабийбуллаев (ӨзА).


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...