Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2020 18:06
  • 1522

Карантин ўақтында стикер менен байланыслы түсинбеўшиликлер келип шықпақта

Карантин ўақтында стикер менен байланыслы түсинбеўшиликлер келип шықпақта
Хабарыңыз бар, Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 8-апрельдеги қарары менен 2020-жыл 9-апрельден баслап автотранспорт қураллары ҳәрекетлениўине мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен арнаўлы рухсатнамалар бериў тоқтатылған еди.
Бирақ усы күнге шекем, Нөкис қаласы мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен арнаўлы рухсатнамалар бериў тоқтатылғанлығына қарамастан хызметтен пайдаланыў бойынша мүрәжатлар келип атырғанлығы ҳәм мүрәжатлар көрип шығылмаўына байланыслы пуқаралар арасында ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлер келип шықпақта. Бул ҳаққында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасының Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бөлими хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, усы қарар тийкарында транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи бойынша берилген арнаўлы рухсатнамаларды өз күшин сақлап қалыўы мәселесинде айырым түсинбеўшиликлер болмақта.
Оған муўапық, арнаўлы комиссияның жоқарыдағы қарарына тийкар автотранспорт қуралларына 2020-жыл 9-апрель күнине шекем усыныс етилген арнаўлы рухсатнамалар (стикерлер) тийкарында ҳәзирде ҳәрекетлениў ҳуқықы сақлап қалынғанлығын және бир мәрте еслетип өтемиз.
Соны да айтып өтиўимиз керек, ҳәзирги ўақытта айырым пуқаралар тәрепинен берилген арнаўлы рухсатнамаларды басқа адамларға пайдаланыў ушын бериў ямаса олардан мақсетсиз пайдаланыў арқалы карантин талапларын бузыў жағдайлары ушыраспақта.
Усы мақсетте, пуқаралардан арнаўлы рухсатнамалардан мақсетли пайдаланыў арқалы, енгизилген карантин талапларына қатаң әмел етиўин сораймыз.
Мағлыўмат ушын, 2020-жыл 9-апрель күнине шекем Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайына 6315 арза келип түскен болып, соннан қанаатландырарлы деп табылған мүрәжатларға тийкарланып 1106 дана стикер берилди. 4683 арза Өзбекстан Республикасына короновирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 30-марттағы протоколы менен тастыйықланған ўақытша тәртип талапларына муўапық емеслиги себепли бийкар етилген.
Ҳүрметли пуқаралар және бир мәрте еслетип өтемиз, карантин дәўиринде өзиңиздиң, жақынларыңыздың ҳәм басқа инсанлардың саламатлығына бийпәрўа болмаң!
Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын хызметлерди өз үйиңизден шықпаған ҳалда, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы пайдаланыў мүмкиншилиги бар екенлигин билдиремиз.
Ўақтыңызды кетирип, Мәмлекетлик хызметлер орайларына босқа бармаўыңызды сораймыз.
Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды асыраң! Карантин талапларына әмел етиң!

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи: – Өз қәлеўи менен;...

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

    Суў Егер суў жеткиликли болмаса, қан қойыўласып баслайды ҳәм жүрек тез ислейди, бул оның шаршаўына