Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.04.2020 14:58
  • 1488

Айсберг себепли океан түбине шөгип кеткен «Титаник» кемесиниң апатшылығы ҳаққында қызықлы мағлыўматлар

Айсберг себепли океан түбине шөгип кеткен «Титаник» кемесиниң апатшылығы ҳаққында қызықлы мағлыўматлар
«Титаник» Уллы Британияның «White Star Line» компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған кеме болып, өзиниң қурылыс процесинде дүньядағы ең үлкен кеме болып табылады. Бул саяхатшы кеме 1912-жыл 14-апрельдеги дәслепки сапары ўақтында Арқа Атлантика океанында айсберг пенен соқлығысып, 2 саат 40 минутта суў түбине шөгип кеткен.
«Xabardor.uz» басылымы усы кеме апатшылығының қалай болғаны ҳаққында материал жәриялады.
14-апрель күни «Титаник» Арқа Атлантиканы кесип өткен ҳәр қыйлы кемелерден 7 муз (айсберг) ҳаққында ескертиў хабарын алады, бирақ соған қарамастан, лайнер дерлик максимал тезликте ҳәрекетлениўди даўам еттиреди. Муз таўы кемениң жолында пайда болғанында, экипаждың сонша ҳәрекетлерине қарамастан, «Титаник» тезликти өзгерте алмады. Ақыбетинде лайнердиң оң тәрепи айсбергтиң суў астындағы бөлегине тийеди. Кемениң суў асты бөлиминде бир неше тесиклер пайда болады. 90 метрден аслам сыртқы бөлими, 16 бөлимге бөлинген корпустан бесеўи қатты зыянланады ҳәм кеме әсте-ақырын шөге баслайды.

Лайнер апатшылығы менен байланыслы қызықлы мағлыўматлар

- Кеме соқлығысқан айсберг еки мың жыллық тарийхқа ийе еди;
- Кемедеги механиклердиң ҳеш қайсысы аман қалмаған. Олардың ҳәммеси жолаўшылардың қутқарылып, аман қалыўы ушын соңғы минутларға шекем пуў машинасының жумыс ислеўин тәмийинлеп турған;
- Кемениң төрт бөлими суў менен толғанда да шөкпей қалыўы анық еди. Тилекке қарсы, кемениң алты бөлими суўға толған еди;
- «Титаник»тен басқа ҳеш бир лайнер айсберг себепли апатшылыққа ушырамаған;
- Бақлаўшылар айсбергти көрип, жөнелисти өзгертиў буйрығы берилгенге шекем 30 секунд ўақыт кеткен. Бул кешигиў болмағанында кеме соқлығысыўдан аман қалыўы мүмкин еди;
- Лайнердиң шөгиўи даўамында музыкантлар тоқтамай бир неше саат музыка шертип турған. Олардың ҳәммеси қайтыс болған.

Кеме бортында 1316 жолаўшы, 908 экипаж ағзасы – улыўма 2224 адам болған. Олардан 712 адам ўақыя орнында қутқарылған.

Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы