Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа комиссиясы 2020-жыл ушын закәт нысабының муғдарын белгиледи.
Пәтўа комиссиясы 1 грамм алтынның ҳәзирги ўақыттағы орташа баҳасы 250 000 (еки жүз елиў мың) сум екенлигин есапқа алып, милодий 2020-жыл (ҳижрий 1441-жыл) ушын закәт нысабын (85 грамм алтыннан) 21 250 000 (жигирма бир миллион еки жүз елиў мың) сум деп белгиледи. Усы муғдардың қырықтан бири (1/40), яғный закәт ушын ажыратылатуғын бөлеги 531 250 (бес жүз отыз бир мың еки жүз елиў) сумға тең болады.
Усы тийкарда, зәрүрли мүтәжликлеринен тысқары бир жыл даўамында 21 250 000 (жигирма бир миллион еки жүз елиў мың) сумнан артық қаржыға ийе болған мусылман адам, улыўма қаржысының қырықтан бирин – 531 250 (бес жүз отыз бир мың еки жүз елиў) сумды закәт сыпатында кәмбағал ҳәм мүтәжлерге бериўи парыз болып табылады.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, әдетте ҳәр жылы Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа комиссиясы тәрепинен нысаб муғдары Рамазан айында жәрияланатуғын еди. Бирақ, ҳәзирги ўақытта дүньяда ҳәм елимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде карантин жәрияланғанлығы себепли зәрүрлик болмағанда үйден сыртқа шығыў мүмкин емес. Усындай жағдайда халықтың материаллық жәрдемге мүтәж болған бөлегин қоллап-қуўатлаўдың зәрүрлиги пайда болмақта. Усыларды есапқа алып, Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа комиссиясы закәт нысабын Шаъбан айында шығарыўға қарар етти.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz