Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2020 15:36
  • 1111

Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы түсирилди. Енди алдынғы алынған кредитлердиң үстемеси де азая ма?

Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы түсирилди. Енди алдынғы алынған кредитлердиң үстемеси де азая ма?
Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тийкарғы ставка, яғный қайта қаржыландырыў ставкасын 1 процентке түсирип, жыллық 15 процент дәрежесинде белгиледи.
Орайлық банк тийкарғы ставканың түсирилгени ҳаққындағы қарарды сыртқы ҳәм ишки талаптың қысқарыўы шараятында экономикалық жеделликтиң төменлеўин есапқа алып, инфляциялық прогнозлардың пәсейиўге қарай қайта көрип шығылғаны менен түсиндирди.
Усы жылдың екинши шерегинде ҳәм жыл ақырына шекем инфляция дәрежесине талап факторлары тәрепинен басым нормалласыўы ҳәм кемейиўин есапқа алып, инфляцияның жаңаланған прогнозлық көрсеткишлерине муўапық, 2020-жылдың жуўмағы бойынша инфляция дәрежеси дәслепки прогноздан (12-13,5 процент) 1 процентке төменлеп, 11-12,5 процентти қураўы күтилмекте.
Хош, қайта қаржыландырыў ставкасы түсирилиўи нәтийжесинде алдын алынған кредитлердиң үстемеси де азая ма? Бул сораў көпшиликти қызықтырмақта.
Орайлық банктиң басқарыў директоры Мамаризо Нурмуратовтың атап өтиўинше, егер кредит шәртнамасының шәртлеринде кредит проценти Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасына байланыстырып қойылған болса, автоматластырылған түрде сол кредитлердиң үстемеси де азаяды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет