Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2020 17:00
  • 1110

Орайлық банк баслығы кредитлерди төлеў мүддетиниң узайтылыўы бойынша көп берилип атырған сораўға жуўап берди

Орайлық банк баслығы кредитлерди төлеў мүддетиниң узайтылыўы бойынша көп берилип атырған сораўға жуўап берди
Өзбекстан Орайлық банкиниң баслығы Мамаризо Нурмуратов кредитлерди төлеў мүддетиниң узайтылыўы бойынша адамларды қызықтырып жүрген сораўға әпиўайы ҳәм түсиникли етип жуўап берди. Бул ҳаққында Х.Худайбердиев өз каналында хабар берди.
Орайлық банк баслығының мәлим етиўинше, Өзбекстан бойынша әпиўайы пуқаралардың 76%, исбилерменлик субъектлериниң 55% кредиторларына усы жылдың 1-октябрине шекем 6 айлық кредит тәнеписи бериледи.
Кредитлерге берилген тәнепис нәтийжесинде кредитлердиң ең соңғы төлеў мүддети де узайтылады. Яғный, мәселен, кредиттиң ең соңғы төлеў мүддети 2021-жылдың 1-январь күни болса, тәнепис берилиўи нәтийжесинде ақырғы мүддет 2021-жылдың 1-июль күнине шекем узайтылады.
Исбилерменлер және физикалық тәреплер 1-октябрьден баслап алдын қандай етип төлеген болса, солайынша төлей береди. 6 ай даўамында кредитлер бойынша қарызлар топланып қалмайды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған