Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.04.2020 11:35
  • 829

Коронавирус қайтыс болған адамлардан жуғыўы мүмкин бе?

Коронавирус қайтыс болған адамлардан жуғыўы мүмкин бе?
Коронавирустан қайтыс болғанлардан дени саў адамларға кеселлик жуғыўы мүмкин бе, деген сораўға Қазақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Товарлар ҳәм хызметлердиң сапасы және қәўипсизлигин қадағалаў комитетиниң баслығы Зәўреш Жумадилова жуўап берди. Бул ҳаққында ӨзА «Казинформ»ға тийкарланып хабар бермекте.

- Коронавирус қайтыс болған адамнан жуғыўы мүмкин бе, деген сораў көп ушырайды. Әлбетте, жуғады. Биз бийкарға жәмийетлик транспорт ҳәм лифтлерди зыянсызландырып атырғанымыз жоқ. Коронавирус пенен наўқасланған адам лифт түймешесинен де қәўипли. Сол себепли, биз марҳумға оның ағайин-туўысқанларының жақынласыўын қадаған еткенбиз. Санитариялық-эпидемиологиялық хызмет қадағалаўы астында жоқары дәрежедеги қорғаныў қураллары менен жуўыныў ҳәм марҳумды жерлеўге таярлаў процедураларын әмелге асырып атырмыз, - деген Зәўреш Жумадилова.
Сондай-ақ, ол марҳумлар ҳәм аза тутыўшылар арасындағы аралықты сақлаў кереклиги, марҳумды жерлеў мәресимине келгенлер арасындағы аралық кеминде 3 метр болыўы зәрүрлигин атап өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған