Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.04.2020 11:01
  • 1302

Өзбекстанда бир күнде коронавирустан 96 наўқас саўалды. Олар арасында қарақалпақстанлы пуқара да бар (тийкарғы мағлыўматлар)

Өзбекстанда бир күнде коронавирустан 96 наўқас саўалды. Олар арасында қарақалпақстанлы пуқара да бар (тийкарғы мағлыўматлар)
Кеше, 21-апрель күни Өзбекстанда коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардан 96 адам кеселликтен толық емленип, реабилитацияға жиберилди.

Бир күнниң өзинде коронавирус инфекциясын жуқтырғанлар санынан саўалған адамлар санының жоқары болғанлығын айрықша атап өтиў керек.

Ҳәзирги ўақытқа шекем Өзбекстан бойлап коронавирус инфекциясынан толық саўалғанлар 357 адамды қурамақта.

Қуўанышлы тәрепи, 21-апрель күни Бухарада кеселликтен толық емленген 15 адамның ишинде қарақалпақстанлы пуқара да бар.

Соның менен бирге, 21-апрель күни Өзбекстанда коронавирус инфекциясын жуқтырған бир наўқас жүрек қан-тамыр жетиспеўшилигинен қайтыс болды.

Усы жылдың 14-апрель күни Наманган қаласында жасайтуғын Ш. жүрек ишемикалық кеселлиги, гипертонияның екинши дәрежеси, атеросклеротик кардиосклероз, еки тәреплеме пневмония ҳәм аўыр дем жетиспеўшилиги диагнозы менен ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасының реанимациялық бөлимине жатқарылған еди.

Өткерилген анализ нәтийжелери онда «COVID-19» коронавирус инфекциясы бар екенлигин көрсеткен. 73 жаслы бул ер адамдың усы күнге шекемги күнлик жағдайы елимиздеги усы тараўға қәнигелескен медициналық мәкемелердиң тәжирийбели қәнигелериниң қадағалаўында болған. Олар тәрепинен турақлы консилиумлар өткерип келинген.

Бирақ кардиолог, вирусолог, пульмонолог, терапевт, реаниматологлардың белгиленген стандартлар тийкарында өткерген реанимациялық емлеў илажларына қарамастан наўқас жүрек қан-тамыр жетиспеўшилигинен қайтыс болды.

2020-жыл 22-апрель саат 10:00 жағдайы бойынша Өзбекстанда коронавирус инфекциясы дизимге алынғанлар саны 1692 адамды қурамақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған