Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.04.2020 13:54
  • 1167

Хош хабар! Қарақалпақстанда 15 адам коронавирустан саўалды. Олар арасында 2019-жылы туўылған бала да бар

Хош хабар! Қарақалпақстанда 15 адам коронавирустан саўалды. Олар арасында 2019-жылы туўылған бала да бар
Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясына шалынған нәўбеттеги 15 наўқас пүткиллей саўалды. Бул ҳаққында ДСМ хабар берди.
Соңғы тексериўлер усы наўқасларда инфекция жоқ екенлигин көрсетти. Олар Денсаўлықты сақлаў министрлиги жуўапкер хызметкерлериниң қатнасында реабилитация орайына шығарып салынды.
Алдын хабар бергенимиздей, республикамызда дәслепки саўалған 4 наўқас пенен улыўма саўалғанлар саны 19 адамды қурамақта.
Саўалғанлардан 2 адам Ташкент қаласынан, 13 адам Қарақалпақстаннан, соннан 11 адам Нөкис қаласынан, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларынан 1 адамнан толық емленди.
Олардың барлығы коронавирусқа шалынған наўқаслар менен байланыс ақыбетинде кеселликти жуқтырып алған.
Саўалғанлардан алтаўы ер адам, тоғызы ҳаял-қызлардан ибарат. Олардың арасында жасы үлкени 63 жаста болса, ең кишиси 2019-жылы туўылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған