Усы жылдың 23-апрель күни саат 00:25 те «101» номерине Нөкис районы «Саманбай» АПЖ аймағындағы «Нөкис балық» ЖШЖға қараслы болған салы егиў жер майданында өрт келип шыққаны ҳаққында хабар келип түскен. Бул ҳаққында бизге ҚР Айрықша жағдайлар басқармасының ҒХҚ ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының баслығы, аға лейтенант Айбек Әбдирахманов хабар берди.
Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, өрт майданы 2 гектарды қураған. Өрт жүз берген жерге ең жақын болған өрт-қутқарыў бөлимшеси 16 км аралықта жайласқан. Өртти сапластырыў ушын ҚР Айрықша жағдайлар басқармасынан 7 өрт өшириў экипажы қатнасқан ҳәм өрт қоршаўға алынып, толық сапластырылған.
Дәслепки сорастырыўларға қарағанда, өрттиң келип шығыўына еки пуқараның салы атызындағы от-шөплерди өртеп, қараўсыз қалдырыўы себеп болған. Келтирилген материаллық зыян муғдары тәбиятты қорғаў бойынша шөлкемлер тәрепинен анықланбақта.
Мағлыўмат ушын, усы жылдың 16-апрель күни Нөкис районындағы тоғай хожалығында жүз берген өрт те усындай себеп ақыбетинде келип шыққан еди.
Нөкис районлық Айрықша жағдайлар бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен қуўраған от-шөплерди өртемеў бойынша ескертиў берилгенине қарамастан, еки пуқараның итибарсызлығы ақыбетинде үлкен майданда өрт келип шыққан еди.
Жүз берген өртлер ақыбетинде дене жарақатын алған ямаса қурбан болған адамлар болмады.
ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы пуқараларымызға абаданластырыў жумысларын алып барып атырған ўақытта от-шөплерди өртеп, қараўсыз қалдырып кетпеўди ескертеди. Егер усындай ақыбетте өрт келип шықса, соның менен бирге, өрт ақыбетинде пуқаралардың мүлклерине зыян жеткен болса да, бул жуўапкершиликтен азат етпейди. Пуқаралар ушын базалық есаплаў муғдарының 3 есесинен 5 есесине шекем, лаўазымлы адамларға 7 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz