Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.04.2020 14:51
  • 1363

Коронавирустың жаңа түри «COVID-19» лабораторияда жаратылған ба?

Коронавирустың жаңа түри «COVID-19» лабораторияда жаратылған ба?
Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусын (АИВ) анықлағаны ушын 2008-жылы Нобель сыйлығын алған француз вирусологы Люк Монтанье жақында коронавирустың жаңа түри («COVID-19») «басқарылғанлығы», яғный тәбийғый емес, лабораториялық шараятта ислеп шығылғанын айтқан еди. Бирақ, Россия Эпидемиологиялық ҳәм микробиологиялық институты директорының орынбасары Александр Семёнов франциялы кәсиплесиниң пикирлерин бийкарламақта. Бул ҳаққында «Ҳудуд24» басылымы хабар берди.
Россиялы илимпаздың айтыўынша, «SARS-CoV-2»де гомологиялық структуралар, яғный АИВ структурасына уқсаған структуралар бар. АИВ геномы бөлимлериниң коронавирусқа киргизилиўи надурыс. Вирусты өз ишине алған ҳәр қандай рибонуклеин кислотада болса гомологиялық структуралар болады.
Сондай-ақ, Семёнов коронавирус пенен зыянланғанлар арасында сигарета шегиўшилердиң аз екенлиги ҳаққындағы баянатқа да түсиник берип, бул тастыйықланбаған мағлыўмат екенлигин атап өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған