Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.04.2020 16:30
  • 196

Хош хабар! Қарақалпақстанда 20 наўқас коронавирус инфекциясынан толық саўалды. Саўалғанлар саны 49 адамға жетти

Хош хабар! Қарақалпақстанда 20 наўқас коронавирус инфекциясынан толық саўалды. Саўалғанлар саны 49 адамға жетти
Елимиз пуқараларын коронавирус инфекциясынан тынымсыз мийнети арқасында емлеп атырған шыпакерлеримиздиң ҳәрекетлери өз жемисин бермекте. Бул шыпакерлерде усы кеселликке қарсы жеңис руўхын оятса, емленип атырғанлар ушын болса ертеңги күнге деген исенимин асырмақта.

ҚР ДСМның мағлыўмат бериўинше, бүгин, 27-апрель сәнесинде де коронавирус инфекциясына қарсы гүресимиздиң табыслары даўам етип, Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан 20 наўқас кеселликтен пүткиллей саўалып шықты. Бул пуқараларымыз шыпакерлерге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын, алғысларын билдирди ҳәм ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитациялық орайға шығарып салынды.

Шыпакерлеримиздиң бул кеселликти емлеўде өз тәжирийбелерин асырып барыўы ҳәм Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң, сондай-ақ, коронавирус пандемиясына қарсы нәтийжели табысларға ерискен мәмлекетлер қәнигелериниң усыныслары тийкарында бул кеселликтен тәўир болғанлар саны сезилерли дәрежеде өспекте.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясынан бүгинги саўалып шыққан 20 наўқас пенен қосқанда улыўма тәўир болғанлар саны 49 адамға жетти.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал