Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.04.2020 10:46
  • 1137

Өзбекстанда коронавирус тарқалыўы менен байланыслы жағдайлар қашан пүткиллей жуўмақланыўы мүмкин?

Өзбекстанда коронавирус тарқалыўы менен байланыслы жағдайлар қашан пүткиллей жуўмақланыўы мүмкин?
Сингапур Технологиялық ҳәм дизайн университетиниң (SUTD) изертлеўшилери усы күнге шекемги мағлыўматларды анализлей отырып дүньяда коронавирус тарқалыўы менен байланыслы жағдайлардың жуўмақланыўы бойынша мониторинг нәтийжелерин жәриялады. Бул ҳаққында «Дарё» басылымы хабар берди.
Мәлим етилиўинше, Өзбекстанда коронавирус тарқалыўы менен байланыслы жағдай усы жылдың май айында жуўмақланыўы болжанбақта.
Сингапур Технологиялық ҳәм дизайн университетиниң инновациялар лабораториясы тәрепинен жәрияланған есапта жазылыўынша, Өзбекстанда коронавирус эпидемиясы 2-май күни 97 процент, 8-майда 99 процент жуўмақланады. Оның пүткиллей 100 процент жуўмақланыўы болса 24-майға туўра келиўи прогноз етилген.
Атап өтилиўинше, келтирилген мониторинг нәтийжелери тек ғана танысыў мақсетинде усынылған болып, кемшиликлери болыўы мүмкин. Сонлықтан, ҳәр қандай унамлы прогнозларды да итибарлы түрде қабыл етиў керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған