Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.04.2020 12:19
  • 1088

Рамазан мийўеси – хурма. Оның организмге пайдалы тәреплери қандай?

Рамазан мийўеси – хурма. Оның организмге пайдалы тәреплери қандай?
Қанда қант муғдарының кемейиўи есабынан ашлық сезими пайда болады, хурма жегеннен соң бул сезим жоғалады. Соның ушын да, ораза тутатуғынлар хурманы ифтарлықта тағамлардан алдын жесе, организмдеги ашлық сезими тоқтатылады, адамның иштейи дем алады ҳәм нәтийжеде бирден көп аўқат жеп қойыўдың алды алынады.

Басқа мийўелерден парқлы түрде, хурмада 23 түрли аминокислота болады. Мәселен, триптофан аминокислотасы бас мийдиң функционаллық ҳәм руўхый жағдайын нормада услап турады. Тынышландырыўшы ҳәм бираз уйқы шақыратуғын өзгешеликке ийе. Нәтийжеде бас мий клеткаларының жумысы жеделлеседи, ҳәлсизликтиң алды алынады. Глютамин аминокислотасы асқазан кислотасын (ширесин) кемейтеди.

Хурма қурамындағы глюкоза ҳәм фруктоза (26-55%) витамин В5 пенен организмде жедел түрде сорылып, ашлық сезимин жоғалтады, физикалық қуўатлылықты арттырады. Бас мий ҳәм нерв системасының жумысларын толық тиклейди.

Хурма қурамында холестерин сақланбайды. Энергетикалық қуўатлылығы жаңадан пискен мийўеде 142-274 калорияға тең болады. Соның ушын да, оны басқа кондитер өнимлериниң орнына қорқпастан пайдаланыў мүмкин, семизликке алып келмейди.

Илимпазлардың пикиринше, адам бир күнде 10 дана хурма жесе, магний, мыс, күкирт, темир, кальций сыяқлы элементлердиң суткалы орны қапланады. Итибар берсеңиз, адам тек ғана хурма ҳәм суў менен бир неше жылларға шекем өмир сүриўи мүмкин.

Хурманың организмге тәсири үйренилгенде, оның төмендеги өзгешеликлери анықланған:

- Хурмада қәўипли паразитлер, бактериялар, микроблар сақланбайды. Оның қурамындағы элементлер адам организминдеги кеселлик шақыратуғын зыянлы бактерияларды өлтиреди;
- Хурма ҳаял-қызларда жатырдың қысқарыўын жақсылайды ҳәм сол себепли туўыў процеси жеңил өтеди;
- Адамның иштейин нормаға келтиреди;
- Булшық етлердиң функциясын жақсылайды ҳәм тиклейди;
- Аш қарынға желинсе, организмдеги паразитлер набыт болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...