Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.04.2020 16:45
  • 1599

Абитуриентлер ушын быйылғы тест сынақлары қай тәртипте әпиўайыластырылмақта?

Абитуриентлер ушын быйылғы тест сынақлары қай тәртипте әпиўайыластырылмақта?
Абитуриентлер тест сынақларын тез түсинип алыўы, пикирлеў көнликпелерин раўажландырыўы ушын, сондай-ақ, шет тиллери (инглис, немис, француз тиллери) болған пәнлерден жағдайды аңсат түсиндириў мақсетинде сүўретли тест тапсырмаларының саны көбейтиледи. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының рәсмий каналы хабар берди.

Сондай-ақ, биология ҳәм химия пәнлери бойынша сүўретли тест тапсырмаларының саны да көбейеди. Химия пәнинен теориялық сораўлардың санын көбейтиў ҳәм тест тапсырмаларының дүзилиўинде лабораториялық жумыслар ушын тест сораўларын жаратыў процеси даўам етпекте.

Соның менен бирге, ана тили ҳәм әдебиятынан өз бетинше оқыў ушын усыныс етилген көркем шығармалар, темалар бойынша сүўретли тест тапсырмаларын көбейтиўге ҳәрекет етилмекте.

Физика пәнинен де әпиўайыластырыў жумыслары алып барылмақта:

- қурамалылықтың биринши дәрежесиндеги (ең аңсат) тест тапсырмаларының саны 6 дан 10 ға шекем көбейеди;
- тест тапсырмаларының улыўмалық көлеминде теориялық тест тапсырмаларының үлеси артады;
- абитуриентлерге қолайлы болыўы ушын тест процесинде усынылатуғын «Турақлы физикалық бирдейликлер кестеси» ислеп шығылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған