1960-жыл (буннан 60 жыл алдын) – АҚШ СССР аймағына өзиниң оғада жоқары бәлентликте ушатуғын У-2 разведкашы самолётын жиберди. Бул арқалы СССРдың әскерий күш-қүдиретин сынап көрмекши болды. 22 километр бийикликтен ушып өтип баратырған самолёт Екатеринбург (Свердловск) аспанында урып түсирилди. Самолёт ушыўшысы Фрэнсис Пауэрс қолға алынды (19-августта Пауэрс разведкашы болғаны ушын 10 жыл мүддетке қамақ жазасына ҳүким етилди). Бул ҳаққында ӨзА жазбақта.
СССР аймағына АҚШ разведкашы самолётының ушырылыўы америка-совет қатнасықларын еле де кескинлестирип жиберди. АҚШ Президенти Дуайт Эйзенхауэр дүнья жәмийетшилигине бул ҳәдийсе ушыўшының қәтеси себепли жүз берди, деп түсиндириўге ҳәрекет етти. Бирақ, Президенттиң бул мәлимлемеси фактлер тийкарында бийкар етилди.
Бул ҳәдийсе халықаралық ҳуқық нормаларының турпайы түрде бузылыўы еди. 1960-жылы 16-май күни Парижде уллы мәмлекетлердиң басшылары алдын ала жобаластырылған жоқары дәрежедеги ушырасыўға жыйналды. СССР басшысы Дуайт Эйзенхауэрден 1-май ўақыясы ушын кеширим сораўды талап етти. Бирақ, АҚШ президенти кеширим сораўдан ўаз кешти. Наразылық белгиси сыпатында СССР басшысы Никита Хрущёв Парижден кетип қалды. Усылайынша жоқары дәрежедеги ушырасыў өткерилмей қалды.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz