Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.05.2020 10:09
  • 1325

Қарақалпақстанда коронавирусқа шалынған 17 наўқас саўалып, реабилитацияға жиберилди

Қарақалпақстанда коронавирусқа шалынған 17 наўқас саўалып, реабилитацияға жиберилди
4-май күни Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясынан емленип атырған 39 наўқастан 17 адам коронавирус кеселлигинен толық саўалды. Бул ҳаққында ҚР ДСМ хабар берди.

Нәтийжели емлеў усылларынан кейин, соңғы тексериўлер оларда коронавирус инфекциясы жоқ екенлигин көрсеткен. Олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитацияға шығарып салынды.

2020-жыл 4-май саат 20:30 ҳалаты бойынша Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 109 адамды қурады. Соннан улыўма емленип шыққанлар 87 адам, ҳәзир емленип атырғанлар 22 адамды қурамақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...