Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.05.2020 14:35
  • 986

Қарақалпақстанда коронавирусқа қарсы гүресиў илажларына қатнасқан хызметкерлерге неше сумлық қосымша төлем төленген?

Қарақалпақстанда коронавирусқа қарсы гүресиў илажларына қатнасқан хызметкерлерге неше сумлық қосымша төлем төленген?
Өзбекстан бойынша коронавирусқа қарсы гүресиў илажларына қатнасқан хызметкерлерге төленген суммалар бойынша ӨзР Қаржы министри Тимур Ишметов мағлыўмат жәриялады.

Мағлыўматта келтирилиўинше, Қарақалпақстан Республикасында Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирусқа қарсы гүресиў илажларына қатнасқан 61 хызметкерге 14 күнлик жумыс ўақты ушын улыўма 1 229 миллион сум муғдарында 5 миллион сумнан 25 миллион сумға шекем арнаўлы хошаметлеў төлемлери төлеп берилген.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан бойынша 511 медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм басқа хызметкерлердиң айлық лаўазымлық мийнет ҳақысына 6 процентлик муғдарда – улыўма 692 миллион сум муғдарында ҳәр күнлик қосымша төлем төленген.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм басқа хызметкерлер коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына қатнасатуғын ўақытта олардың айлық лаўазымлық мийнет ҳақысына 6 процентлик муғдарда ҳәр күнлик қосымша төлемлер белгиленген еди.

Сондай-ақ, Президенттиң қарары тийкарында коронавирус инфекциясынан зыянланған наўқаслар менен байланысқа кирисетуғын, зыянланған наўқаслар орналастырылған объектлерде және коронавирус инфекциясын анықлаў лабораторияларында жумыс алып барып атырған медициналық, санитариялық-эпидемиологиялық хызмет ҳәм басқа хызметкерлерге ҳәр 14 күнлик жумыс ўақты ушын төмендеги муғдарларда (салықлардан тысқары) арнаўлы қосымша хошаметлеў төлеми белгиленген еди:

- врач хызметкерлерге, врач-лаборантларға – 25 миллион сум;
- орта дәрежели хызметкерлерге, мийирбийке-лаборантларға – 15 миллион сум;
- киши дәрежели медициналық хызметкерлерге – 10 миллион сум;
- басқа хызметкерлерге – 5 миллион сум.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған