Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.05.2020 17:54
  • 1711

Карантин 25-майға шекем узайтылғаны ҳаққындағы хабарлар ҳақыйқат па?

Карантин 25-майға шекем узайтылғаны ҳаққындағы хабарлар ҳақыйқат па?
Социаллық тармақлар ҳәм Telegram каналларында тарқатылып атырған Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен карантин шеклеў тәртиплери 2020-жылдың 25-май күнине шекем узайтылғаны ҳаққындағы хабарлар жалған ҳәм ҳақыйқатқа туўра келмейди.
Карантин 25-майға шекем узайтылғаны ҳаққындағы хабарлар ҳақыйқат па?
Усы орында соны мәлим етип билдиргимиз келеди, халық арасында жалған, ҳаўлықпалы хабарларды тарқатқаны ушын да жынайы жуўапкершилик белгиленген.

Анықлаў етип айтқанда, халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған материалларды таярлаў ямаса тарқатыў мақсетинде сақлаў 44 миллион 600 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки 1 жылдан 3 жылға шекемги мүддетке азатлықты шеклеў яки болмаса 3 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

Халық арасында ҳаўлықпа пайда етиўге бағдарланған мағлыўматлар ҳәм материалларды ҳәр қандай формада тарқатыў 66 миллион 900 мың сумнан 89 миллион 200 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке азатлықты шеклеў ямаса 3 жылдан 5 жылға шекемги мүддетке еркинен айырыў менен жазаланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында