Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2020 14:13
  • 968

Математика пәнинен миллий сертификатқа ийе абитуриентлер ушын жоқары оқыў орынларына кириўде қандай жеңиллик бериледи?

Математика пәнинен миллий сертификатқа ийе абитуриентлер ушын жоқары оқыў орынларына кириўде қандай жеңиллик бериледи?
Президенттиң «Математика тараўындағы билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2021-жылдың 1-январына шекем математика пәнин билиў дәрежесин баҳалаў бойынша миллий сертификатлаў системасы енгизиледи.

Миллий сертификатлаў системасы шеңберинде:

- математиканы билиў дәрежесин баҳалаў ҳәм бул ҳаққындағы миллий көнликпе сертификатын бериў орнатылған тәртипте Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады;

- математиканы билиў дәрежесин баҳалаў дифферециалластырылған ҳалда әмелге асырылады;

- жеңиллик берилетуғын дәрежедеги миллий сертификатқа ийе абитуриент мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде математика пәнинен тест сынақларын тапсырыўдан азат етиледи ҳәм оған математика пәни ушын берилетуғын максимал балл бериледи;

- 2021-жылдың 1-сентябринен баслап Қәнигелестирилген мектеплердиң математика пәни бойынша муғаллимлери тийисли дәрежедеги миллий сертификатқа ийе болыўы мәжбүрий болып есапланады;

- миллий сертификаттың тийисли дәрежесине ийе болған математика пәни муғаллимлерине (Қәнигелестирилген мектеплердиң математика пәни муғаллимлеринен басқа) олар жумыс алып барып атырған мәмлекетлик билимлендириў мәкемесиниң орналасыўына қарап базалық тариф ставкасына 25 проценттен 50 процентке шекем айлық үстеме ҳақы төленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў