Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.05.2020 13:45
  • 1302

Президент карантин еле жуўмақланбаған болса да не ушын шеклеўлер жумсартылып атырғанына түсиник берди

Президент карантин еле жуўмақланбаған болса да не ушын шеклеўлер жумсартылып атырғанына түсиник берди
Кеше, 13-май күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен төмендегилер атап өтилди:

- Дүнья жәмийетшилиги коронавирусқа қарсы вакцина ҳәм емлейтуғын дәриниң еле табылмағаны себепли усы инфекция болған шараятта жасаў және жумыс ислеўге үйрениў зәрүрлиги ҳаққында жуўмақлаўшы шешимге келмекте.
Биз де эпидемиологиялық жағдайдың дизгинин беккем услаған ҳалда, карантин талапларын жумсартыўды басладық ҳәм буны басқышпа-басқыш даўам еттиремиз.
Буны ең алды менен, экономикалық активликти тиклеў арқалы, халықтың жумыс ислеўи ҳәм дәрамат алыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырып атырмыз.
Бул бағдарда өзимиздеги ҳақыйқый аўҳал ҳәм халықаралық тәжирийбени кең түрде үйренип атырмыз. Дәслепки анализлеримизге муўапық, қай жерде ҳәкимлер барлық жуўапкершиликти өзине алып, терең ойлап, адамлар менен кеңесип, жумыс алып барып атырған болса, сол жерде жақсы нәтийже болмақта, - деп айтып өтти Президент.

Соның менен бирге, карантин шеклеўлериниң еле толық жуўмақланбағанын да қосымша етти:

- Айырым жерлерде берилген еркинликти надурыс түсинип, халық, әсиресе, жаслар ҳеш қандай зәрүрликсиз көшелерди толтырып жүргени бақланбақта.
Бундай жағдайлар және соңғы күнлерде инфекция жуқтырғанлар санының көбейип атырғаны ҳәммемизди сергекликке шақырмақта.
Улыўма коронавирус қәўпи жоқ болғаннан кейин де халқымыз карантин ўақтындағы айырым қағыйдаларды өзлериниң әдеттеги турмыс тәризине айландырыўы керек. Атап айтқанда, жеке гигиенаға қатаң әмел етиў, қолды тез-тезден сабынлап жуўыў, дезинфекциялаў, ҳәр қыйлы той-мерекелерди оғада шекленген қурамда өткериў, жуқпалы кеселликке шалынса нықап тағыў әдеттеги қағыйдаға айланыўы керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.