Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.05.2020 12:14
  • 1251

Қарақалпақстанда коронавирустан емленип атырған 10 адам халықаралық жүк тасыўшы автомобиль басқарыўшылары екени мәлим болды

Қарақалпақстанда коронавирустан емленип атырған 10 адам халықаралық жүк тасыўшы автомобиль басқарыўшылары екени мәлим болды
Алдын хабар бергенимиздей, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясынан емленип атырған 10 пуқара болып, олардың барлығы басқа ўәлаятлардың турғынлары болып есапланады.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлим етиўинше, усы пуқаралар сырт еллерден келген болып, олар халықаралық жүк тасыўшы автомобильлердиң басқарыўшылары болып табылады.

Олар Нөкис қаласындағы Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем Қарақалпақстанда 120 адамда коронавирус инфекциясы анықланған болып, олардан 110 адам саўалып шыққан.

Министрликтиң берген мағлыўматында жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда улыўма 124 пуқара карантинге алынған болып, соннан 19 адам Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында, 2 адам Қоңыраттағы карантин орнында, қалған 103 адам болса үй шараятында карантинге алынған.

Карантинге алынған адамларда коронавирус инфекциясы анықланбаған, бирақ олар вирус жуқтырған адамлар менен байланыста болғанлығы себепли тийисли ўақытқа шекем карантинге алынған.

Қарақалпақстанда усы күнге шекем бақлаў жуўмақланған 14 513 адам карантиннен шығарылған.

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында