Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.05.2020 14:32
  • 1152

Ташкенттен Нөкиске самолёт арқалы келиў бир жолаўшы ушын 1 034 415 сумға түседи. Қалайынша?

Ташкенттен Нөкиске самолёт арқалы келиў бир жолаўшы ушын 1 034 415 сумға түседи. Қалайынша?
Хабарыңыз бар, бүгин, 18-май күнинен баслап «Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы Нөкис қаласына авиарейслерди жолға қойды.

Белгиленген тәртипке муўапық, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги тәрепинен «COVID-19» инфекциясына тест анализлери алынғанына 120 сааттан көп болмаған ҳәм анализ нәтийжеси онда коронавирус инфекциясы жоқ екенлигин тастыйықлайтуғын мағлыўматнамаға ийе жолаўшыларға ғана бул авиарейслерге миниў ушын рухсат берилетуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

Хош, коронавирусқа анализ тапсырыў бийпул ма?

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң 2020-жыл 16-майдағы №74-Ф санлы буйрығына муўапық, коронавирус анализи ушын 224 мың 415 сум муғдарында пуллы хызмет көрсетиледи. Бул ҳаққында «Журналистика.уз» каналы хабар берди.

Егер жолаўшыда усы мағлыўматнама болмаса, оған билет сатыўға рухсат берилмейди.

Ал, Ташкенттен Нөкиске авиабилет баҳасы қанша?

«Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы ўәкилиниң ӨзАға мәлим етиўинше, билет баҳалары орташа есапта 10 процентке қымбатлаған. Яғный:

Ташкент-Нөкис жөнелиси бойынша бир жолаўшы ушын билет баҳасы – 810 мың сум.

Компания ўәкилиниң айтыўынша, билет баҳаларының қымбатлаўы пандемия менен байланыслы емес. Қыс мәўсиминде әдетте авиарейслер аз болыўы себепли билетлер арзанлайды. Бәҳәр ҳәм жаз мәўсимлеринде рейслер көбейип, баҳалар өзгереди екен.

Демек, Ташкенттен Нөкиске самолёт арқалы келиў бир жолаўшы ушын 1 миллион 34 мың 415 сумға түседи екен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған