Быйылғы жылы жоқары оқыў орынларына абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етиў 15-июньнан 15-июльға шекем етип белгиленген.
Онлайн тәризде мобиль телефонлар арқалы да Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайты – dtm.uz ямаса тиккелей abitur.dtm.uz сайты арқалы үйден шықпастан ҳүжжет тапсырыў имканияты болады.
Өткен жылы ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң ҳүжжетлери Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайтында сақланып қалған болып, өткен жылы оқыўға кире алмаған абитуриентлер быйылғы жылы паспорт сериясы ҳәм номерлерин киргизген ўақытта ҳүжжетлер шығады. Оны қайтадан толтырып отырыў шәрт болмайды. Абитуриент бул жағдайда тек ғана жоқары оқыў орны, тәлим бағдары ҳәм қайсы тилде билим алатуғынлығын белгилеўи керек болады.
Абитуриент оқыўға киргеннен соң усы ҳүжжетлердиң түп нусқаларын жоқары оқыў орнына тапсырады.
Абитуриентлерден қандай ҳүжжетлер талап етиледи?1) Паспорт;
2) Диплом ямаса аттестат;
3) Жеңилликли түрде оқыўға киретуғынлар ушын жеңиллик берилгени ҳаққындағы ҳүжжеттиң мағлыўматлары талап етиледи.
Берилген жеңилликлер ҳаққындағы мағлыўматлар тийисли министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен берилген базалық мағлыўматлар менен салыстырылып көриледи.
Тест өткериў ушын 12 ўәлаят, Ташкент қаласы ҳәм Қарақалпақстан Республикасында улыўма 64 имарат ажыратылған.
Атап өтиў керек, инфекция пүткиллей сапластырылмаған шараятта абитуриентлердиң 1000 орынлық имаратларда 3-4 саатлап қалып кетиўине жол қойып болмайды. Сол себепли, быйылғы оқыў жылында тест сынақлары өткерилетуғын имаратларда ең көби 700 адамлық орынлар таярланады, ҳәр бир абитуриент ушын кеминде 3 кв.м орын ажыратылады, санитариялық-гигиеналық талапларға муўапық, олардың нықап, қолқап пенен тестте қатнасыўы тәмийинленеди.
Абитуриенттиң дене температурасы өлшенгеннен соң, имаратқа киргизиледи. Имаратлар кеминде 4 мәрте дезинфекцияланады.
Усы жылдың 30-апрель күни Президентимиз басшылығында өткерилген жыйналыста белгиленген тапсырмалар ҳәм қурамында жоқары оқыў орынлары болған министрлик, мәкеме, шөлкемлер тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында және абитуриентлерди артықша қыйнап отырмаў мақсетинде тек ғана 2020-2021-оқыў жылы ушын қабыллаў тест сынақлары мәжбүрий пәнлерсиз, 2 қәнигелик пәннен өткерилиўи жобаластырылмақта.
Тестлерде абитуриентлер ушын 2 блокқа 2 саат ўақыт ажыратылады.
Әмелий имтиханлар ушын 1 саат ўақыт ажыратылады.
Карантин шеклеўлери сақланып қалынатуғын болса тест процеси қалай өткериледи?Егер карантин шеклеўлери толық сақланып қалынатуғын болса тест сынаўларын өткериў кейинги сәнелерге қалдырылыўы да мүмкин.
Булар ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасының баслығы Барно Ражабов мәлим етти.
Атап өтилиўинше, ҳәзирги карантин шараятын есапқа алып, жоқарыдағы билдирилген мағлыўматларда өзгерислер болыўы мүмкин.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz