Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.05.2020 18:00
  • 1296

Мәмлекетлик тест орайы 2020-2021-оқыў жылы ушын өткерилетуғын тест сынақларындағы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди

Мәмлекетлик тест орайы 2020-2021-оқыў жылы ушын өткерилетуғын тест сынақларындағы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди
Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тест сораўларын әпиўайыластырыў, абитуриентлерге жеңиллик ҳәм қолайлықлар жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2020-2021-оқыў жылында жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириў ушын өткерилетуғын кириў тест сынақларында тест сораўлары бойынша төмендеги өзгерислерди әмелге асырыў жобаластырылмақта.

Тест сораўларын әпиўайыластырыў:

- Тест сораўлары әпиўайыластырылады дегенде жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў имтиханларында тек ғана әпиўайы тестлерден пайдаланылады, деп түсинип қалмаў керек.

- Улыўма билим бериў пәнлеринен тест сораўлары 3 қыйыншылық дәрежесинде қәлиплестириледи. Бунда биринши қыйыншылық дәрежесиндеги тест сораўлары шешилиўи, орынланыўы аңсат болған сораўлар болып табылады.

- Алдынғы жылларда өткерилген тест сынақларында пәнлерден 6 сораўға шекем биринши қыйыншылық дәрежесиндеги тест сораўлары берилген еди. Быйылдан баслап ҳәр бир вариантта қолланылатуғын биринши қыйыншылық дәрежесиндеги тест сораўларының саны орташа 10 сораўға жеткерилмекте.

Жазыўсыз карта, кесте, сүўретли көринистеги тест сораўларының санын көбейтиў:

- Абитуриентлер тест сораўларын логикалық пикир жүргизип, тез түсинип алыўы ушын быйылғы жылы тарийх, география пәнлери сыяқлы шет тили (инглис, немис, француз) пәнлеринен де сүўретли тест сораўлары қәлиплестирилмекте.

- Сондай-ақ, биология ҳәм химия пәнлеринен сүўретли тест тапсырмаларының саны көбейтилмекте.

Ана тили ҳәм әдебияты пәнинен тест сораўларын әпиўайыластырыў:

- Ана тили (қарақалпақ, өзбек, рус) ҳәм әдебияты пәнинен өз бетинше оқыў ушын усыныс етилген көркем шығармалардан тест сораўларының саны көбейтиледи.

- Сондай-ақ, абитуриентлердиң логикалық пикирлеўин раўажландырыў мақсетинде текстли тестлер, яғный текст үстинде ислеў менен байланыслы болған тест сораўлары дүзилмекте.

- Текстли тест сораўларында текст қурамындағы сөзлердиң дурыс қолланғанлығы ҳәм гәплердиң дурыс қуралғанлығын анықлаў, тексттеги сөзлердиң мәнилерин табыў және тексттиң тийкарғы мазмунын түсиниў талап етиледи.

Химия ҳәм физика пәнлеринен теориялық тест сораўларының санын көбейтиў:


- Химия пәнинен теориялық тест сораўларының саны көбейтиледи ҳәм лабораториялық жумысларға байланыслы тест сораўлары дүзилмекте.

- Физика пәнинен де теориялық тест сораўларының саны көбейтилип, биринши қыйыншылық дәрежесиндеги тест сораўларының саны 6 сораўдан 10 сораўға шекем көбейтилмекте.

- Сондай-ақ, абитуриентлерге қолайлық жаратыў мақсетинде «Турақлы физикалық бирдейликлер кестеси» ислеп шығылды ҳәм ол «Химиялық элементлердиң периодлық системасы» сыяқлы тест тапсырыў процесинде абитуриентлерге бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў