Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2020 19:17
  • 1074

Күнине бир тоннадан пахта қосып жазып берген пункт хызметкерине суд ҳүкими оқылды

Күнине бир тоннадан пахта қосып жазып берген пункт хызметкерине суд ҳүкими оқылды
Пуқара С.А. (адам атлары қысқартып алынған) 2017-жылдың август айынан баслап «Халқабад пахта тазалаў» АЖға қараслы «Қаракөл» пахта қабыл етиў пункти 2-зона классификаторы сыпатында жумыс ислеп киятырған еди.

Ол 2019-жылдың октябрь айында Қараөзек районындағы «А-Қ» фермер хожалығының (фермер хожалығының аты қысқартып алынған) баслығы Р.А.ға өзиниң хызмет ўазыйпасына кирмейтуғын болса да, тапсырылатуғын пахта өнимине қосымша килограмм қосып беремен деп, исенимине кирген.

Солай етип, фермер хожалығы тәрепинен пахта қабыл етиў пунктине 2019-жыл 12-октябрь күни 770 кг, 14-октябрь күни 430 кг ҳәм 16-октябрь күни 1250 кг пахта тапсырылғанына қарамастан, пуқара С.А. ҳәр күнге 1 тоннадан пахта қосып жазып, 12-окятбрь күни 1770 кг, 14-октябрь күни 1430 кг, 16-октятбрь күни 2250 кг пахта тапсырғаны ҳаққында қәлбеки ҳүжжетлерди таярлаған.

Пахта қосып жазғаны ушын фермер хожалығы баслығы Р.А.дан 6 000 000 сум пулды алдаўшылық жолы менен талап етип алған ўақтында ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери тәрепинен усланған.

Солай етип, пуқара С.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 25-, 168-статьясының 3-бөлими «в» бәнти ҳәм 228-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятлар бойынша жынайый ис ашылды.

Жынаят ислери бойынша Шымбай районлық суды тәрепинен өткерилген суд процесинде пуқара С.А.ның бурын судланбағанлығы, шаңарақлы, бир перзенти бар екенлиги, айыбын толық мойынлап, пушайман болып атырғаны, соның менен бирге, келтирилген материаллық зыянды толық қаплағанын есапқа алып, суд пуқара С.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен 1 жыл мүддетке басшы ҳәм материаллық жуўапкер лаўазымларында ислеў ҳуқықынан айырып, мийнет ҳақысынан мәмлекет есабына 20 процент муғдарында услап қалыў жолы менен 2 жыл 6 айлық мүддетке жазалаў шарасы тайынланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны