Telegram karinform

Экономика

  • 21.05.2020 13:06
  • 1842

Быйыл Әмиўдәрьяда суў өткен жылдағыдан аз бола ма? Суў хожалығы министрлиги мағлыўмат берди

Быйыл Әмиўдәрьяда суў өткен жылдағыдан аз бола ма? Суў хожалығы министрлиги мағлыўмат берди
Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы егинлерин егип, дийқаншылық етиўге бел байлаған жерлеслеримизди бир сораў қыйнамақта. Быйыл Әмиўдәрьяда суў көп бола ма ямаса аз ба? Бул сораўға тийисли шөлкемлердиң прогнозлық анализлери ҳәм қәнигелердиң пикирлери арқалы Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети жуўап берди.

- Көпшиликке белгили, вегетациялық дәўирде дәрьялардағы суў муғдарының қанша болыўы өткен мәўсимлердеги жаўын-шашынлар, таўлардағы қар ҳәм музлар, яғный суў дәрегинен келип шығып, гидрометеорологиялық хызмет орайы тәрепинен прогноз етиледи, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң Суў ресурслары, гидрометрия ҳәм диспетчерлик хызмети бөлиминиң баслығы Ү.Оразымбетов. – Өзбекстан Республикасы гидрометеорологиялық хызмет орайы тәрепинен гидрометеорологиялық жағдайдың анализи тийкарында 2020-жылдың вегетациялық дәўири (апрель-сентябрь) ушын суў сарпының прогнозы ислеп шығылған. Оған муўапық, Әмиўдәрьядағы суў муғдарына тәсири жоқары болған Вахш ҳәм Зарафшан бассейнлеринде суў сарпы нормасына салыстырғанда 85-95 процент болыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы егислик майданларының суў тәмийнаты Әмиўдәрьяның төменги бөлегинде жайласқанлығы себепли Түйемойын суў сақлағышында топланған суў қоры менен тиккелей байланыслы болып табылады. Быйылғы жыл май айының дәслепки 10 күнлигинде суў сақлағышта топланған суў муғдары орташа 2 миллиард 860 миллион куб метрди қурады. Бул өткен жылға салыстырғанда суўдың муғдары 1 миллиард 475 миллион куб метрге аз екенлигин көрсетпекте.

Усы суў сақлағышқа өткен жылдың усы дәўиринде келип турған суўдың муғдары орташа 1926 м3/секундты қураған болса, быйылғы жылдың сәйкес дәўиринде 646 м3/секундты қурады.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, министрлик республикамыздағы суў тутыныўшыларына соңғы жылларда Әмиўдәрья суў бассейнинде суў муғдарларының сезилерли дәрежеде азайып баратырғанын есапқа алып, аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда интенсив усыллардан пайдаланыў және суўды үнемлейтуғын (тамшылатып, жаўынлатып, көшпели ийилиўшең қубырлар, пульсар усылында) технологияларды енгизиўди ҳәм бар болған суў дәреклерин үнемлеп пайдаланыўды усыныс етеди.

Сондай-ақ, егинлерди суўғарыў тармақларының суў менен тәмийинлениў дәрежесинен келип шығып орналастырыў, атызларды гезек пенен суўғарыў және егислик майданларды суўғарыўға таярлаўда агротехникалық илажларды сапалы етип шөлкемлестириў, бар болған суў дәреклерин үнемлеп пайдаланыў мақсетке муўапық болады.

Аўдармалаған: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын