Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.05.2020 16:37
  • 1789

Мийнет мигрантларына ажыратылатуғын турақ жайлардың дәслепки баҳалары мәлим болды. Жай алыў ушын қай жерге мүрәжат етиў керек?

Мийнет мигрантларына ажыратылатуғын турақ жайлардың дәслепки баҳалары мәлим болды. Жай алыў ушын қай жерге мүрәжат етиў керек?
Президентимиздиң 2019-жыл 20-августтағы «Сырт елде ўақытша мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында быйылғы 2020-жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет мигрантларына көп квартиралы турақ жайлардан улыўма 210 турақ жай ажыратыў белгиленген еди.

Мийнет мигрантларына кредитке берилетуғын турақ жайлардың болжаўлы баҳалары (аймақларға қарай парқланыўы мүмкин) жәрияланды.

Яғный:

- 2 бөлмели турақ жай 160 миллион сум;
- 3 бөлмели турақ жай 190 миллион сум.

Дәслепки төлем 10% ти қурайды.

Кредит проценти – 3 жылға шекем 7%, 4-жыл 8%, 5-жыл 9%, 5-жылдан кейин Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан келип шығып белгиленеди.

Кредит мүддети – 20 жыл.

Усы турақ жайларға ийе болыў ушын дәслеп Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң аймақлық филиалларына мүрәжат етиў талап етиледи.

Сырт еллерде нызамлы тийкарда жумыс ислеп атырған мигранттың атынан оның шаңарақ ағзалары (ата-анасы, әжапа-қарындасы, аға-иниси, өмирлик жолдасы, перзентлери) арза бериўине болады.

Агентлик филиаллары тәрепинен Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 29-январьдағы 39-санлы қарары тийкарында тастыйықланған Уставқа муўапық, жеңилликли түрде турақ жай алыў ушын мийнет мигранты «Labormigration.uz» бағдарламалық комплексинде дизимнен өткериледи ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжет бериледи.

Буннан соң мийнет мигранты атынан усы тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында оның турақлы дизимге алынған мәнзили бойынша ўәлаят, район, қалалық комиссияларға арза бериледи.

Жеңилликли түрде турақ жайға ийе болыў нийетиндеги мийнет мигрантларының атынан олардың жақын ағайин-туўысқанлары «Labormigration.uz» бағдарламалық комплексинде дизимнен өтиў ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжет алыў ушын Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң аймақлық филиалларына мүрәжат етиўи мүмкин.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасындағы филиалының телефон номерлери:

61 222-53-32
61 222-53-34

Қосымша мағлыўмат ушын телефон: 71 202 33 55.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў