Telegram karinform

Мәденият

  • 26.05.2020 12:37
  • 2260

Миздакхан емес, ал Маздаҳқан…

Миздакхан емес, ал Маздаҳқан…
Жақында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында академик Жуманазар Базарбаев ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты доценти Рахимназар Базарбаевтың «Назлымхан сулыў естелиги Мазда қудайының атына тийисли» атамасында итибарлы мақаласы шықты.
Мақалада авторлар 2003-жылы тарийх илимлериниң кандидаты Ғайратдийн Хожаниязов пенен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен жәрияланған таңлаўда «Әййемги Окс дәрьясының төмениндеги зардуштлик дининиң излери» деген темада грант жеңип алғанлығын ҳәм сол тийкарда бирқанша изертлеўлер нәтийжеси бойынша «Әййемги Окс дәрьясының төмениндеги зардуштлик дининиң излери» атлы монография шығарғанлығын жазады. Сол ўақытта-ақ авторлар Хожели районындағы Назлымхан сулыў естелигин зардуштликтиң Маздаҳ қудайының атына салынған болыўы керек, деген пикирди алға сүрген, лекин тарийхшылардың, кең жәмийетшиликтиң буған итибары болмаған.
«Тилекке қарсы, елимиздиң тарийхшылары бул жаңаша көзқарасқа дыққатлы болмады, Хожелидеги Назлымхан сулыў естелиги зардуштликтиң Маздаҳ қудайының атына салынған болыўы керек, деген пикиримизди я қолламады, я бийкарламады. Тарийхшылар оны орта әсирдиң естелиги, деген пикирде турып алды. Сонлықтан да, биз бул мәселеге жәмийетшиликтиң дыққатын қайтадан қаратыўды мақул көрдик» делинеди мақалада.
Бизиң итибарымызды тартқаны авторлар мақалада усы естеликтиң жасы ҳәм оның атамасы, тарийхы базы илимпазлар тәрепинен бурмаланғанлығын исенимли фактлер менен береди.
Мәселен, Миздакхан атамасы Маздаҳқан болыўы керек, себеби орта әсир араб-парсы жазба дәреклеринде де Маздаҳқан деп жазылған. Мысалы, Ибн Русте де, Истахр де, Мандиш де, парсы тилиндеги «Худуз ал-әмел» атлы шығармада қаланың аты Миздакхан түринде емес, ал, Маздаҳқан деп берилген, делинеди.
Атақлы араб географы ал-Мақсудий өз мийнетинде 985-жылда-ақ Миздакхан (Маздаҳқан) өзиниң үлкенлиги менен Қыят, Гургандж сыяқлы Хорезм мәмлекетинде үшинши қала, деп көрсеткенлигин тарийхтан жақсы билемиз.
Авторлар Назлымхан сулыў естелигин орта әсир естелиги деп тастыйықланыўына келиспейтуғынын билдирген. Бул пикирлеринде жан бар деп ойлаймыз. Ақыры, Назлымхан сулыў естелиги астында зардуштлик мәденияты қатламы жатырғанын археолог илимпазларымыз анықлады.
Бүгинги күнде тарийхымызға жаңаша көзқарас пенен қараў ҳүкиметлик сиясат дәрежесинде қаралып атыр. Ҳақыйқатында да, өткен әсирде қаншама қунлы тарийхый мийрасларымыз қызыл империяның орнаў дәўирлеринде жоқ етилди, халық аўызеки дөретпелеримизде қаншама түпнусқалар бурмалаўға ушырады, қаншама бийбаҳа естеликлеримиз сыртқа алып кетилди. Олар бүгинги күнде ғайры еллерде музейлерде көргизбеге қойылған, китапханаларында сақлаўлы ҳәм т.б.
Бизиң ойымызша, авторлар мәселени күтә дурыс қоймақта. Солай екен, Кеңес ҳүкимети дәўиринде тарийхымыз сиясий тәсир астында киширейтилген, бурмаланған болса бүгинги күнде бул кемшиликлерди дүзетиўимизге имканият туўылды. Журтбасшымыз, Ҳүкимет басшылары буны қоллап-қуўатлап турыпты.
Миздакхан естелигине байланыслы авторлар пикирин кең жәмийетшиликте қызғын талқылап, бул бойынша көлемли жумысларды қолға алыў керек, деп ойлаймыз. Соннан, Миздакхан, авторлар айтқандай, Маздаҳхан атамасы менен аталыўын, оның тарийхый әҳмийети кең үгит-нәсиятланыўын, бул бойынша халықаралық көлемде ири илажлар өткерилиўин, оған дүнья илимпазлары менен жәмийетшилигиниң итибары қаратылыўын, естеликти ЮНЕСКОның мәдений мийраслары дизимине киргизилиўин усыныс етемиз.
Тарийхый естеликлер – бул бизиң экономикамыздың да тиреги. Пүткил дүнья жүзинде, соның ишинде бизиң елимизде де туризм тараўына күтә жоқары итибар қаратылмақта. Президентимиз ҳәм Ҳүкимет тәрепинен бул тараўды раўажландырыў бойынша қаншама әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди. Миздакхан естелик комплекси Қарақалпақстандағы туристлер итибарын тартатуғын ең белгили орынлардан бири екенлигин ескерсек, бул орынды үлкен дәрамат дәргайы деп те қабыл етиўимиз зәрүр. Туристлердиң дыққатын еле де тартыў ушын естелик комплексинде кең көлемде абаданластырыў жумыслары да алып барылыўы керек. Абаданластырыў жумыслары тарийхый естеликлерге зыян жеткермеўи лазым. Естеликлерге тәжирийбели қәнигелерди тартқан ҳалда реставрация жумысларын алып барыў зәрүр.
Қандайдур тәсирлер астында тарийхымызды жоқ қылыў яки бурмалап көрсетиў ең аўыр гүнә саналады. Тарийхый естеликлер – бул мақтанышымыз, руўхый байлығымыз, үлкен дәрамат дәрегимиз. Биз оларды сақлап, келешек әўладларға жеткере билиўимиз дәркар.

Кеңесбай Алламбергенов, филология илимлери докторы, профессор.
Есимқан Қанаатов, НМПИ докторанты.


Еслетпе: Мақаладағы пикирлер авторларға тийисли. Авторлардың пикирлери Karinform.uz сайтының көзқарасын аңлатпайды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

    Негизинде, балалардың аязлаўы суўық яки жыллы ҳаўадан емес, ыссылықтан келип шығады, ҳәдден тыс ыссылық элементлер

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети