Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.05.2020 13:16
  • 805

Ишки ислер системасына байланыслы бирқанша мағлыўматлар қупыялықтан шығарылады

Ишки ислер системасына байланыслы бирқанша мағлыўматлар қупыялықтан шығарылады
«Ишки ислер уйымларының еркинен айырыў менен байланыслы болған жазаны атқарыў жумысларының ашық-айдынлығы ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, еркинен айырыў менен байланыслы болған жазаны атқарыў тараўындағы төмендеги мағлыўматлар қупыялықтан шығарылады:

- ИИМның жазаны атқарыў мәкемелери ҳәм тергеўде услап турыў орынларында сақланып атырған адамлардың саны ҳаққындағы мағлыўматлар;

- ИИМның жазаны атқарыў мәкемелери ҳәм тергеўде услап турыў орынларының саны және олар жайласқан орын ҳаққындағы мағлыўматлар;

- жазаны атқарыў мәкемелериниң өндирислик хызмети, олар тәрепинен номенклатура бойынша ҳәм пул менен белгиленетуғын ислеп шығарылып атырған товарлық өнимлер ҳаққындағы мағлыўматлар;

- ИИМның жазаны атқарыў мәкемелери ҳәм тергеўде услап турыў орынларында сақланып атырған адамлар арасында өлимшилик жағдайларының саны ҳаққындағы мағлыўматлар;

- жазаны атқарыў мәкемелеринде сақланып атырған ҳәм медициналық көринистеги мәжбүрий илажлар қолланылып атырған тутқынлар саны ҳаққындағы мағлыўматлар.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған