Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.06.2020 13:35
  • 908

Берунийде жүз берген өрт бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Берунийде жүз берген өрт бойынша рәсмий мағлыўмат берилди
Усы жылдың 2-июнь күни саат 11:37 лер шамасында Беруний районы Беруний көшесинде жайласқан «Икром Азиз» ЖШЖға қараслы универсал (пропан-метан-солярка) жанармай қуйыў шақапшасында өрт жүзеге келген.

ӨзР Айрықша жағдайлар министрлигиниң берген дәслепки мағлыўматларына қарағанда, өрт ақыбетинде жер үстинде жайласқан 25 тонналық 2 сыйымлылық ҳәм 2 дана «ЗИЛ-130» жанармай тасыў автомашиналары өртенип кеткен.

Сондай-ақ, усы сыйымлылық жанында 10 тонналық 3 дана бос турған, шама менен 30-50 тонналық 2 дана сыйымлылық жайласқан.

Жүз берген жағдай бойынша ўақыя орнына Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының 6 өрт-қутқарыў топары жетип барған.

Ҳәзирше жүзеге келген өрттиң себеби жанармайды қуйыўда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў болыўы мүмкинлиги атап өтилген.

Жәбирленгенлер ҳәм қайтыс болғанлар ҳаққында хабарлар келип түспеген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз