Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.06.2020 16:33
  • 1182

Қуяшта соңғы 3 жылдағы ең үлкен жарылыў жүз берди. Оның ақыбетлери қандай болыўы мүмкин?

Қуяшта соңғы 3 жылдағы ең үлкен жарылыў жүз берди. Оның ақыбетлери қандай болыўы мүмкин?
NASA илимпазлары усы жылдың 29-май күни Қуяшта үлкен жарылыў болғанын анықлады. Бул ҳәдийсе Қуяш «өмири»ниң жаңа циклы басланғанын аңлатыўы мүмкин екенлиги айтылмақта. Бул ҳаққында «Qalampir» басылымы хабар берди.

Атап өтилиўинше, жарылыў себепли жаңа қара дақлар пайда болыўы 29-май күни космоста жайласқан Қуяш динамикасы обсерваториясы (ҚДО) жәрдеминде анықланған. Бул жарылыў 2017-жылдың гүз мәўсиминен берли ең күшлиси екенлиги айтылмақта.
Илимпазлардың пикиринше, жарылыўдан соң пайда болған қара дақлар, әдетте, ҳәр 11 жылда бир мәрте басланатуғын жаңа Қуяш циклының ескертиўши сигналы болыўы мүмкин.

ҚДО тәрепинен анықланған жарылыўлар адамлардың денсаўлығына ҳеш қандай тәсир көрсетпейди, өйткени олар шығаратуғын нурланыў атмосфераға кире алмайды. Соның менен бирге, анықланған усы «М» класындағы жарылыўлар уялы байланыс ҳәм GPS сапасына тәсир етиўи мүмкин екенлиги атап өтилген.

Мағлыўмат ушын, бирнеше күшли қуяш жарылыўлары илимпазлар тәрепинен 2017-жыл сентябрь айында анықланып, жарылыўлар 10-сентябрьде ең жоқары жеделликке жеткен еди. Күшли қуяш нурланыўы себепли Халықаралық космослық станция экипажы ескертиў буйрығын алған ҳәм станцияның арнаўлы бөлимине көшип өтиўге мәжбүр болған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл