Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.06.2020 10:50
  • 1538

«Сары» ҳәм «жасыл» аймақларда 5-июньнан баслап бирнеше тараўлардың жумысларына рухсат бериледи. Тийкарғы талаплар қандай?

«Сары» ҳәм «жасыл» аймақларда 5-июньнан баслап бирнеше тараўлардың жумысларына рухсат бериледи. Тийкарғы талаплар қандай?
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 5-июньнан баслап төмендегилерге рухсат бериледи:

«Сары» аймақларда:

- мийманханалар, санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орайлары (лагерьлер), мийман үйлери, пляжлар, басқа дем алыў орынлары ҳәм орналастырыў қуралларының жумысларына (хостельлер буған кирмейди);

- үй мийманханалары ҳәм салық уйымларында дизимге алынған дала ҳәўлилердиң (дачалар) жумысларына (тек ғана шаңарақлық мийманларға хызмет көрсетиў ушын);

- мийманханалар, санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орайлары (лагерьлер), мийман үйлери, пляжлар, басқа дем алыў орынларында жайласқан және ашық ҳаўада хызмет көрсетиўши улыўмалық аўқатланыў объектлериниң (ресторан, кафе, асхана, чайхана) жумысларына;

«Жасыл» аймақларда «сары» аймақларға қосымша түрде:

- индивидуаллық шуғылланыў ушын тренажёр заллары ҳәм бассейнлердиң жумысларына.

Бунда тренажёр заллары ҳәм бассейнлер объектлериниң турақлы түрде дезинфекцияланыўы, олардың кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў, хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы, социаллық аралықты сақлаўы, сондай-ақ, ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған, инфекциялық белгилери болған жағдайда және медициналық нықапта болмаған жағдайларда киргизбеў илажларын көриў, социаллық аралықты тәмийинлеў имканияты болмаған жәмәәтлик спорт түрлерин өткермеў талап етиледи;

- мәденият объектлериниң (театрлар) жумысларына, индивидуаллық ҳәм жәмәәтлик репитициялар өткериў шәрти менен (30 адамнан көп болмаған), тамашагөйлер ҳәм келип көриўшилерге рухсат бермеген ҳалда, спектакльлерди онлайн режимде ямаса телевидение арқалы трансляция етиў жолы менен;

- билимлендириў орайлары, дөгереклердиң (10 адамнан көп болмаған топар шөлкемлестирип, ўақтын алдын ала келискен ҳалда) жумысларына.

Бунда хызметкерлер ҳәм балалардың денсаўлығын турақлы түрде қадағалап барыў (дене температурасын турақлы өлшеп турыў), инфекциялық белгилери болған хызметкерлер ҳәм балаларды шынығыўлардан шетлетиў, сондай-ақ, санитариялық-гигиеналық ҳәм дезинфекциялық талапларға қатаң түрде әмел етиў талап етиледи;

- Диний шөлкемлердиң жумысларына рухсат бериледи:

Бунда диний шөлкемлер имаратларының турақлы түрде дезинфекцияланыўы, оларға кирип-шығыў орынларын пирометрлер, антисептик затлар ҳәм дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў, хызметкерлердиң медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплардан пайдаланыўы, социаллық аралықты сақлаўы, соның ишинде, намаз ўақтында пуқаралардың ара қашықлығын 1,5 метр етип белгилеў (арнаўлы сызықлар жәрдеминде кетекшелерге ажыратқан ҳалда), сондай-ақ, ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған, инфекциялық белгилери болған жағдайда және медициналық нықапта болмаған жағдайларда киргизбеў илажларын көриў, жәмәәтлик диний мәресимлерди (жума намазы ҳәм басқалар) өткермеў талап етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған